Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеӊесине 14-Бердах округинен депутат С.Сайымованың сайлаўшылар менен ушырасыўы болып ѳтти. Ушырасыўда депутат тәрепинен мәмлекетимизде әмелге асырылып атырылған реформалар барысы, сондай-ақ, жаңадан қабыл етилген нызам ҳәм қарарлар, мәмлекетлик бағдарламалардың әҳмийети, мазмун-мәниси ҳаққында мағлыўмат берилип, бул бағдарда аймақта әмелге асырылатуғын жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди.Ушырасыўда аймақ пуқаралары тәрепинен билдирилген мүрәжатлар депутат тәрепинен қадғалаўға алынып, тийисли мәмлекетлик уйымларға депутатлық сораўлар жиберилиўи белгиленди.