Усы тийкардағы ушырасыў А.Досназаров аўыл пуқаралар жыйыны аймағында районлық Кеӊеске 11-Қарабуға округинен депутат С.Халмуратов, мәҳәлле ўәкиллери ҳәм аймақ пуқаралары қатнасында болып өтти. Ушырасыўда 2024-жыл аймақты раўажландырыў бағдарында әмелге асырылған жумыслар ҳәм 2025-жыл әмелге асырылыўы тийис илажлар бойынша аймақ турғынларына есабатлар берилди. Сондай-ақ, "Ашық бюджет" мәлимлеме порталы арқалы аймақтағы әҳмийетли машқалаларды қаржыландырыў бойынша үгит-нәсият алып барылды.