Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Депутат нар-навоалрни ўрганди.
янв.21
Deputat tashabbusi bilan yo‘llar ta’mirlandi.
янв.21
“Xotira va qadrlash — inson qadri ulug‘!”
янв.21
Deputat- fuqaro murojaatini o‘rganib, ijobiy hal etdi.
янв.21
Депутат миллий ҳунармантлар фаолиятини ўрганди.
янв.21
Депутат сифитсиз қурилган мактабгача таълим ташкилотидаги салбий ҳолатларни ўрганди.
янв.21
Депутат сайловчилар муаммоларини ижобий томонга хал этди.
янв.21
Deputat tashabbusi samara bermoqda!
янв.21
Ish reja asosida “Yo‘l xaritasi” ijrosi ta’minlanmoqda.
янв.21
Deputat- yoshlar bandligi va tadbirkorlik faoliyatini o‘rgandi.
❗️ Баслы ўазыйпалар белгилеп алынды

Өзбекстан ХДП Шымбай районлық кеңеси ҳәм Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги ӨзХДП депутатлық топарының қоспа мәжилиси болып өтти.

Мәжилисте Өзбекстан ХДП Шымбай Кеңеси баслығы С.Нурмамбетов ҳәм Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги ӨзХДП депутатлық топары ағзалары қатнасты.

Мәжилис күн тәртибинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 8-сентябрь күнги "Мектептен тысқары билимлендириў системасын жаңа басқышқа алып шығыў илажлары ҳаққында"ғы ПҚ-277-санлы қарарының Шымбай районында орынланыўын үйренип шығыў ҳәм усы мәселени Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң гезектеги сессиясына киргизиў бойынша қарар қабыл етилди.

Сондай-ақ, партия шөлкемлери ҳәм депутатлар жумысларының рейтинг көрсеткишлерин жақсылаў мәселелери додаланды. Бунда депутатлар тәрепинен аймақтағы орын алған машқалаларды үйрениў ҳәм унамлы шешиўде депутатлық сораў институтынан нәтийжели пайдаланыўы, орынларда басланғыш партия шөлкемлеринде үгит-нәсият жумысларын алып барыў ҳәм ҒХҚда шығыўларды шөлкемлестириў бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.

Slide 1 of 3