♻️ Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 14-августтағы “Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған илажларды буннан былай да жеделлестириў ҳаққында”ғы ПҚ-248-санлы қарары қабыл етилди.
✅ Бунда «Жалпы аймақлық өним көлемин орташа 6-6,5 пайызға, санаат өндирисиниң көлемин 5-6 пайызға жеткериў, базар хызметлер көлемин 15-17 пайызға ҳәм де аўыл хожалығы ислеп шығарыўын 4-5 пайызға өсиўин тәмийинлеў» 2025-2026-жылларда Қарақалпақстан Республикасын турақлы социаллық-экономиқалық раўажландырыўдың тийкарғы мақсетли көрсеткишлери етип белгиленди.
✅ Жоқарыда келтирилген қарардың 1-қосымшасына муўапық, «Жасыл принцип тийкарында» Шымбай районындағы бир қанша социаллық тараў объектлеринде оңлаў жумысларын алып барыў белгиленген. Атап айтқанда «Таза жол» АПЖ аймағындағы 13-санлы ўлыўма билим бериў мектебине 3,5 млрд сўм ҳәм де «Тағжап» АПЖ аймағындағы 29-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемине 6,3 млрд сўм қаржы ажыратыў есабынан оңлаў жумысларын алып барыў белгиленген.
✅ Және де «Д-234» Нөкис-Шымбай-Тахтакөпир автомобиль жолының Шымбай районынан өтиўши 47-58 ҳәм де 63-84 км жәми 32 км. аралығында 5 млрд. қаржы есабынан оңлаў жумысларын алып барыў белгиленген.
✅ Сондай-ақ, Шымбай районы орайында жайласқан кәсиплик көнликпелер орайы жанында Бәнтликке көмеклесиў мамкелетлик фонды қаржылары есабынан оқыў ҳәм ислеп шығарыў этнотуризм орнын шөлкемлестириў режелестирилген.
✅ Халқымызды хәр тәреплеме разы қылыў жолдында әмелге асырылып атырған бул өзгерислерди халқымыз үлкен қуўаныш ҳәм шүкиршилик пенен қабылламақта.