Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

Улыўмахалықлық шембилик

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң бийлигине тийкар усы жылдың 22-23-август күнлери «Абат ҳәм пайызлы мәҳәлле - журт көрки» сүрени астында елимиз бойлап улыўмахалықлық қайырқомлық шембилиги өткерилмекте.

Бүгин 23-август күни Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси басламасы менен Шымбай районы «Шахтемир» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы «Ш.Рашидов» көшесиниң бойында партия белсендилери, депутатлар, район нураныйлери, партияның «Жаслар қанаты» ағзалары, көше бийлери ҳәм аймақ турғынларының қатнасыўында шембилик шөлкемлестирилди. Шембилик даўамында мәҳәлле әтирапын абаданластырыў, тереклерди ақлаў ҳәм путақлаў, шығындыларды жыйнаў жумыслары алып барылды.

Улыўмахалықлық қайырқомлық шембилиги мәмлекетимиз бойлап қызғын даўам етпекте.

Slide 1 of 10