Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Dehqonobod tumanida yangilanayotgan “O‘zbekiston – 2030” strategiyasi loyihasi targ‘iboti
янв.21
Prezidentimiz Shavkat Mirziyoyevning Oliy Majlis va xalqiga yo‘llagan murojaatnomasi mazmun-mohiyati va belgilangan vazifalarni o'z vaqtida ijrosini ta'minlashga doir targ‘ibot tadbiri
янв.21
Xalq deputatlari Dehqonobod tuman Kengashi deputati Xo‘jamqulov G‘ulom Abdullaevich Beshqo‘ton mahallasida saylovchilar oldida axborot berdi.
янв.21
Deputat so‘rovi asosida Dehqonobodda ichki yo‘l muammosi bartaraf etildi
янв.21
#korrupsiya_taraqqiyot_kushandasi Dehqonobod tumanida korrupsiyaga qarshi “Ochiq eshiklar kuni” o‘tkazildi
янв.21
Deputat kam ta’minlangan oilalar holidan xabar olindi
янв.21
Dehqonobod tumanida maromiylik bo‘yicha muntazam tushuntirish ishlari olib borilmoqda
янв.21
Xalq deputatlari Dehqonobod tuman Kengashi deputati Hayitova Dilorom Chutaevna Istiqlol mahallasida saylovchilar oldida axborot berdi hamda hududidagi maktabning kuz-qish mavsumiga tayyorgarlik jarayonlarini o‘rgandi
янв.21
Sarchashma mahallasida deputat hamda nuroniylar tashabbusi bilan yo‘l ta’miri amalga oshirildi
янв.21
Xalq deputatlari Dehqonobod tuman Kengashi raisi Sh.Shokirov hamda Xalq deputatlari tuman Kengashi deputati N.Onorov, Oqtosh va Beliboyli mahallalarida fuqarolar uchun sayyor qabul o‘tkazishdi.
Мүнәсибет

Президентимиз Мүрәжаты Жаңа Өзбекстанды қурыў жолында әҳмийетли қәдем болып, ол мәмлекетимизде инсан қәдирин улығлаў, пуқаралардың ҳуқықлары менен мәплерин исенимли қорғаўға хызмет етеди.

Ҳүрметли Президентимиздиң Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан ҳалқына жоллаған мүрәжатнамасында 2026-жылда әмелге асырылатуғын ең тийкарғы 6 бағдардан ибарат болған бағдарламада жәмийеттиң раўажланыўының тийкарғы принципи сыпатында «инсан қәдири» түсиниги қатаң белгиленди.

Мәмлекетимиз басшысы өзиниң Мүрәжатында экономикалық реформаларды тереңлестириў, халықтың турмыс дәрежесин арттырыў, социаллық әдилликти тәмийинлеў, нызам үстинлигин беккемлеў және инсан ҳуқықлары менен мәплерин исенимли қорғаў мәселелерине айрықша итибар қаратты.

Елимизде соңғы жыллары кәмбағаллықты қысқартыў мәселеси улыўма миллий ҳәрекетке айландырылғанлығы ҳәм өткен дәўирде 8,5 миллионнан аслам халық кәмбағаллықтан шығарылғанлығы ҳаққында айтип өтти.

Ҳүрметли Президентимиздиң мүрәжатында жасларға қарата бир қанша имканиятлар жаратылатуғынлығы биз жаслар ушында жүдә қуўанарлы жағдай болды десем қәтелеспеймен.

Усы жылдан баслап мәҳәллелердеги жаслардың китапқумарлыққа болған қызығыўшылығын және де арттырыў мақсетинде мектеп китапханаларын ҳәр жылы 10 миллион дана көркем әдебиятлар менен тәмийинленип баратуғынлығы жасларымыздың дунья қарасын ҳәм пикирлеў қәбилетин арттырыўына хызмет ететуғынлығын атапп өтти.

Быйыл IT, финтех, жасалма интеллект сыяқлы бағдарлардағы жергиликли стартапларға сырт елден 270 миллион доллар инвестиция тартылды.

2026-жылдан "Санлы стартаплар" бағдарламасын кеңейтип, стартап идеясынан экспортқа шекем жәрдемлесетуғын жаңа система жолға қойылады. Онда жеке меншик стартап орайларын шөлкемлестириў ушын Жаслар қорынан бес жыл мүддетке 5 миллиард сумға шекем пайызсыз ссуда бериледи. Жоқары оқыў орынларының өзинде қалатуғын қаржылардың 10 пайызы да инкубация орайларын раўажландырыўға бағдарланады.

Бүгинги күнде мыңлаған қәбилетли жасларымыз IT ҳәм жасалма интеллект бойынша излениў алып бармақта. Олардың квант, дрон, робототехника сыяқлы бағдарлардағы конструкторлық жойбарларын әмелиятқа енгизиў ушын Азия раўажланыў банки қоллап-қуўатлаўы арқалы ажыратылатуғын 

200 миллион доллар қаржы есабынан Санлы технологиялар орайы шөлкемлестириледи. 

Усы жылдан баслап 9-класс питкериўшилерин пәнлерди өзлестириўи ҳәм кәсиплик қызығыўшылығына қарап таңлап алыў системасын еңгизиледи. Онда жоқары оқыў орынларына кириў тилегинде болмаған жаслар техникумларға жибериледи.

Ҳүрметли Президентимиз «Мениң нийетим - жасларымыз талап жоқары болған кәсиплер бойынша дүньяда бәсекиге шыдамлы болсын, керек болса, басқалардан бир текше үстин турсын» - деп атап өтти. Бул мақсетке ерисиў жолында кәсиплик билимлендириўдиң ең әҳмийетли буўыны болған техникумларды жаңа сапа басқышына алып шығылатуғын болды. Буның ушын, 2026-жылдан баслап, ҳәр жылы кеминде 100 техникумды толық оңлаў жумыслары алып барылып, технологиялық ҳәм талап жоқары болған кәсиплерге сәйкес ҳалда үскенелеп барылады. Германия, Швейцария, Уллы Британия, Қытай, Корея сыяқлы мәмлекетлердиң алдынғы билимлендириў бағдарламалары енгизилген техникумлардың санын 100 ге жеткериледи.

Жуўмақлап айтқанда, Президентимиз Мүрәжаты Жаңа Өзбекстанды қурыў жолында әҳмийетли қәдем болып, ол мәмлекетимизде инсан қәдирин улығлаў, пуқаралардың ҳуқықлары менен мәплерин исенимли қорғаўға хызмет етеди. 

Усы ўазыйпалардың орынланыўында партияның Жаслар қанаты ағзалары депутатлар менен биргеликте белсене қатнасып, елимиздиң раўажланыўына өз үлесимизди қосамыз

Сыдық НУРМАМБЕТОВ,

Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Шымбай районлық кеңеси баслығы

Slide 1 of 1