Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Xalq deputatlari Chiroqchi tuman Kengashining navbatdagi sessiyasi bo‘lib o‘tdi
янв.21
2025 yil 10-11 iyun kunlari bo‘lib o‘tgan IV-Toshkent xalqaro investitsiya forumi hamda xorijiy investorlar kengashi majlisidagi O‘zbekiston Respublikasi Prezidenti Shavkat Mirziyoevning nutqlarida ilgari surilgan eng muhim tashabbus va iqtisodiy ko‘rsatkichlar
янв.21
Ostonada “Markaziy Osiyo – Italiya” sammiti bo'lib o'tdi
янв.21
Tadbirkor yuragida orzu, qo'lida yechim bo'ladi
янв.21
Deputatlik guruxining yig‘ilishi o‘tkazildi
янв.21
Tadbirkorlik rivoji uchun yangi sharoit va imkoniyatlar
янв.21
Tadbirkor-elga madadkor
янв.21
So'ngi qo'ng'iroq
янв.21
Prezidentimizning Vengriya va Sloveniyaga rasmiy tashrifi menda katta taassurot qoldirdi
янв.21
Ilm – eng buyuk sharaf!
Мүнәсибет

 Өзбекстан бәрқулла көп миллетлилик ҳәм көп динлилик шараятында миллетлераралық ҳүрмет ҳәм татыўлық руўхы менен ажыралып келген. Ҳуқықый мәмлекет қурыўға қарай баратырған жәмиетимиздиң мәденияты ҳәм мәмлекетимиздиң демократиялық дәрежеси, миллий ҳәм етникалық топарларға жаратып берилген шараятлар ҳәм имканиятлар менен белгиленеди. Сол себепли олар мәдений өзине тәнликти қәлиплестирип, өзлериниң руўхый ҳәм ақылый потенциалын толық түрде жүзеге шығарып келмекте.  

Ҳүждан еркинлигин тәмийинлеў, миллетлер аралық ҳәм динлер аралық қатнасықларды үйлестириў тараўында өткерилип атырған ҳәр тәреплеме пуқта ойланған мәмлекетлик сиясат өз нәтийжесин берип атырғанлығы менен мақтаныў ушын барлық тийкарларымыз бар. 

Елимизде 16 түрли дин ҳәм коньфессияға тийисли 130 дан аслам миллет ҳәм халық ўәкиллери жасайды. Мәмлекетимизде алып барылып атырған ақылға уғрас миллий сиясат себепли елимизде жасап атырған түрли миллет ҳәм халықлар арасында өз-ара ҳүрмет, дослық,
аўызбиршиликке тийкарланған қатнасықлар қәлиплескен. Ең тийкарғысы, теңлик ҳуқықый жақтан кепилленген.
Халкымыз арасында
миллетлераралық қатнасықлар, улыўма миллий татыўлық, кеңпейиллик, аўызбиршилик - әзелий улыўмаинсаныйлық принципи тикарында көп миллетли халқымыз аўызбиршиликли жасап, "бир жағадан бас шығарып" ел-журт раўажланыўы, ушын мийнет
етпекте.
 

Ғәрезсиз раўажланыў жолын таңлаўда республиканың көп миллетлилигине үлкен әҳмиет бериледи, себеби гәп Өзбекстанда жасаўшы түрли миллетке тийисли жүз мыңлаған адамлардың тәғдири ҳаққында, олардың өз мәмлекетиниң раўажланыўы жолындағы
бирлесип дөретиўшилик иси ҳаққында барады. Республикада жасаўшы ҳәр қыйлы халықлардың көпшилиги ушын Өзбекстан қәдирдан ўатан болып қалған.
 

Көп миллетли жәмийетте кеңпейиллик, өз ара исеним ҳәм ҳүрмет - миллетлер аралық татыўлықтың тийкары, мәмлекеттеги халықлар арасындағы өз ара қатнасықларды үйлестириўдиң ҳәрекетлендириўши күши болып есапланады. Миллетлер ҳәм елатлардың кеңпейиллиги,
өз-ара ҳүрмети - жәмиеттиң мәдениятлылық дәрежесиниң көрсеткиши, мәмлекеттеги миллетлераралық татыўлықтың тийкары ҳәм соның менен бирге келешектеги табыслы раўажланыўдың ең әҳмиетли шәрти болып табылады.
 

Өзбекстан Республикасы Президентиниң социаллық ҳәм миллетлер аралық татыўлық ҳаққындағы, Өзбекстан - онда жасаўшы барлық халықлардың улыўма үйи ҳаққындағы баянаты, республикамыздың тийисли рәсмий ҳүжжетлери ҳәм ең дәслеп Өзбекстан Республикасы
Конституциясында өз көринисин тапқан. "Өзбекстан халқын, миллетине қарамастан Өзбекстан Республикасы пуқаралары қурайды," - деп атап өтиледи Конституцияда.
 

 Бабамурат Қурбанов
Халық депутатлары Хожели районлық Кеңеси депутаты