Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Xalq deputatlari Chiroqchi tuman Kengashi deputati Sharopov Turgunbek Uktamovich Chambil mahallasi hududiga tashrif buyurib, mahallani kompleks rivojlantirish bo‘yicha belgilangan chora-tadbirlar ijrosi bilan joyida tanishdi.
янв.21
Xalq deputatlari tuman kengashi deputati Iboyev Saxiddin navbatdagi uchrashuvini saylovchilar bilan o‘tkazdi
янв.21
Xalq deputatlari tuman Kengashi deputati Maxmudova Muxayyo Turg‘unovna aholi bilan uchrashdi.
янв.21
Deputat va IIB hamkorligi!!!
янв.21
2- Quruqsoy saylov okrugidan tuman Kengashi deputati Sharopov Turg‘unbek Chiroqchi tumani Chambil mahalla fuqarolar yig‘inida saylovchilar bilan uchrashuv o‘tkazdi.
янв.21
Xalq deputatlari Chiroqchi tuman Kengashining navbatdagi sessiyasi bo‘lib o‘tdi
янв.21
2025 yil 10-11 iyun kunlari bo‘lib o‘tgan IV-Toshkent xalqaro investitsiya forumi hamda xorijiy investorlar kengashi majlisidagi O‘zbekiston Respublikasi Prezidenti Shavkat Mirziyoevning nutqlarida ilgari surilgan eng muhim tashabbus va iqtisodiy ko‘rsatkichlar
янв.21
Ostonada “Markaziy Osiyo – Italiya” sammiti bo'lib o'tdi
янв.21
Tadbirkor yuragida orzu, qo'lida yechim bo'ladi
янв.21
Deputatlik guruxining yig‘ilishi o‘tkazildi
Мүнәсибет

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиевтиң мирәт етиўине бола 2-июль күни мәмлекетлик сапар менен Баку қаласына барды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев тар шеңберде ушырасыў ҳәм Жоқары мәмлекетлераралық кеңестиң екинши мәжилисинде Өзбекстан – Әзербайжан дослық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де беккемлеў, бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарларында кооперация ҳәм алмасыўларды кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Президентимиз бул ретки мәмлекетлик сапары ҳәм Жоқары мәмлекетлераралық кеңестиң екинши мәжилиси еллеримиз арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының 30 жыллығы белгиленип атырған жылда өтип атырғанын айрықша атап өтти.

– Қатнасықларымыз тарийхта ҳеш қашан бүгингидей жоқары дәрежеде болмаған, – деди Президентимиз Ш.Мирзиёев.

Көп тәреплемели бирге ислесиў барлық дәрежелерде жедел раўажланып атырғанын атап өтилди.

Экономикалық кооперация жылында товар алмасыўдың көлеми 25 процентке артты. Жойбарлар портфели 4 миллиард долларға жеткен. 300 ге шамалас биргеликтеги кәрхана жумыс алып бармақта.

Парламентлер, ҳүкиметлер, министрликлер ҳәм аймақлар дәрежесиндеги әмелий бирге ислесиўди даўам еттириўге келисип алынды. Халықаралық структуралар шеңберинде өз-ара қоллап-қуўатлаў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Товар алмасыў ҳәм инвестициялар көлемин жылына 1 миллиард долларға жеткериў имканиятлары ҳәр тәреплеме көрип шығылды. Санаат, инфраструктура, аўыл хожалығы, денсаўлықты сақлаў, туризм, банк ҳәм басқа да тараўлардағы жойбарларды өз ишине алған айрықша Кооперация бағдарламасы қабыл етилип атырғаны атап өтилди.

Биргеликтеги инвестициялық компанияның жумысын кеңейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Исбилерменлер кеңеси ҳәм Санаат ҳәм экономикалық зоналар форумы сыяқлы бирге ислесиўдиң жаңа форматлары қоллап-қуўатланды.

Транспорт-коммуникация тараўындағы шерикликке айрықша итибар қаратылды. Орта коридорды раўажландырыўда қатнасыў жойбарлары додаланды.

Бул коридор арқалы тасылып атырған Өзбекстан жүклериниң көлеми 25 процентке – 1 миллион тоннадан асламға артқаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Буннан тысқары, усы жылдың март айынан баслап жүк тасыўда электрон рухсатнамаларға өтиў тәмийинленди.

Сондай-ақ, Европаға электр энергиясын экспорт етиў бойынша биргеликтеги жойбарды таярлаўды жеделлестириўге келисип алынды.

Дипломатиялық қатнасықлар юбилейин мүнәсип белгилеў мақсетинде тәреплер усы жылдың гүзинде бир қатар биргеликтеги мәдений ҳәм жаслар илажларын өткериўге қарар етти.

Мәмлекет басшыларының қатнасыўында Аўқамласлық қатнасықлары ҳаққындағы шәртнаманы 2025-2029-жылларда әмелге асырыў бойынша «жол картасы», Қоршаған орталықты қорғаў тараўында бирге ислесиў ҳаққындағы және илим, кәсип-өнер ҳәм жоқары билимлендириў тараўларында бирге ислесиў ҳаққында ҳүкиметлераралық келисимлери, 2025-2026-жылларға мөлшерленген санаат кооперациясы ҳәм де 2030-жылға шекем товар алмасыўды 1 миллиард долларға жеткериў бағдарламалары, 2025-2027-жылларда аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат тәмийнаты тараўындағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў бойынша әмелий ҳәрекетлер режеси, 2025-2027-жылларда социаллық қорғаў тараўында бирге ислесиў бойынша илажлар режеси,  Кемешилик ҳәм кеме соғыў тараўында бирге ислесиў ҳаққында протокол ҳәмде  Ташкент ўәлаяты ҳәм Сумгаит қаласы, Наўайы ҳәм Габала қалалары арасында дослық қатнасықларын орнатыў ҳаққындағы келисимлер бойынша еки тәреплеме ҳүжжетлер алмасылды.

 

 Жақсылық ТАНАТАРОВ,

 Халық депутатлары Хожели районлық Кеңеси депутаты, ӨзХДП деутатлық топары ағзасы