Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Xalq deputatlari Chiroqchi tuman Kengashi deputati Sharopov Turgunbek Uktamovich Chambil mahallasi hududiga tashrif buyurib, mahallani kompleks rivojlantirish bo‘yicha belgilangan chora-tadbirlar ijrosi bilan joyida tanishdi.
янв.21
Xalq deputatlari tuman kengashi deputati Iboyev Saxiddin navbatdagi uchrashuvini saylovchilar bilan o‘tkazdi
янв.21
Xalq deputatlari tuman Kengashi deputati Maxmudova Muxayyo Turg‘unovna aholi bilan uchrashdi.
янв.21
Deputat va IIB hamkorligi!!!
янв.21
2- Quruqsoy saylov okrugidan tuman Kengashi deputati Sharopov Turg‘unbek Chiroqchi tumani Chambil mahalla fuqarolar yig‘inida saylovchilar bilan uchrashuv o‘tkazdi.
янв.21
Xalq deputatlari Chiroqchi tuman Kengashining navbatdagi sessiyasi bo‘lib o‘tdi
янв.21
2025 yil 10-11 iyun kunlari bo‘lib o‘tgan IV-Toshkent xalqaro investitsiya forumi hamda xorijiy investorlar kengashi majlisidagi O‘zbekiston Respublikasi Prezidenti Shavkat Mirziyoevning nutqlarida ilgari surilgan eng muhim tashabbus va iqtisodiy ko‘rsatkichlar
янв.21
Ostonada “Markaziy Osiyo – Italiya” sammiti bo'lib o'tdi
янв.21
Tadbirkor yuragida orzu, qo'lida yechim bo'ladi
янв.21
Deputatlik guruxining yig‘ilishi o‘tkazildi
Мүнәсибет

 Мүнәсибет

 Мәмлекетимиз басшысының 2025-жыл 23-июнь
күни қабыл етилген ПФ-98-санлы пәрманына тийкар Пәрманы менен жергиликли
Кеңеслердиң жумысын буннан былай да жетилистириў, келеси бес жыл даўамында
ислениўи керек болған ўазыйпаларды өз ишине алған Концепция тастыйықланды. Усы
Концепция менен Кеңеслердиң жумысына байланыслы бир қатар бағдарлар белгилеп
берилип атырған болып, мине, усындай жумыслардың бири жергиликли Кеңеслердиң
президиумын шөлкемлестириў мәселеси болып есапланады.
 

Итибарыңызды бир жағдайға қаратпақшыман,
2024-жылы Сенат тәрепинен мәмлекетимиз нызамшылық ҳүжжетлери хатлаўдан
өткерилди ҳәм нәтийжеде жергиликли Кеңеслерге 130 ға шамалас ўәкиллик, ўазыйпа
ҳәм функциялар берилгени анықланды. Бул жүдә көп әлбетте. Сонша ўазыйпаны өз ўақтында
ҳәм сапалы әмелге асырыў ушын сессиялары күн тәртибинде оғада көп мәселе
жыйналып қалмақта. Бул болса усы мәселелерди толық көрип шығыў имканиятын
бермей атыр. Есабат ҳәм мәлимлемелерди қысқа ўақытта ҳәм атына көрип,
тастыйықлаўға алып келмекте. Ямаса жергиликли Кеңес сессияларын тез-тез
шақырыўды талап етпекте. Бирақ, жергиликли Кеңес депутатлары жәмиетлик тийкарда
жумыс алып баратуғынын есапқа алатуғын болсақ, бундай сессия мәжилислериниң
тез-тез шақырылыўы олардың тийкарғы жумыс искерлигине кесент бериўине ямаса
сессия мәжилислеринде депутатлардың толық қурамда қатнаспаўына алып келмекте.
Сол себепли әмелияттағы усы машқалаларды шешиў ушын Кеңес президиумы институтын
шөлкемлестириў ҳәм айырым мәселелерди Президиум мәжилислеринде (сессиялар
аралығында) көрип шығыў механизми жаратылмақта. Бул бизге не береди? Биринши
гезекте, Кеңес президиумы мәжилислеринде турақлы комиссиялар атынан тек ғана
бир депутаттың қатнасыўы арқалы қалған депутатларға өз ўақтын тийкарғы жумысына
ямаса депутатлық жумысының басқа бағдарларына ажыратыўына имканият береди.
Мәселен, сайлаўшылар менен ушырасыўлар шөлкемлестириўге, өзи бириктирилген
аймақтағы машқалаларды үйрениў ҳәм оларды шешиўге... Қалаберди, Кеңес
сессиясындағы жумыс жүгин жеңиллетиўге хызмет етеди. Кеңес президиумы
институтын енгизиў ушын бәринен бурын оның ҳуқықый тийкары жаратылыўы ҳәм онда
Кеңес президиумының

статусы, оның жумыс искерлиги, қурамы, онда көрип шығылатуғын мәселелер
шеңбери сыяқлы әҳмиетли тәреплери анық белгилеп қойылыўы зәрүр. Биз депутатлар
Кеңес президиумы институтының енгизилиўи жергиликли Кеңес жумысының
нәтийжелилигин буннан былай да арттырыўға хызмет етеди, деп исенемиз.
 

М.Бегдуллаев Халық депуталары Нөкис районлық
Кеңеси депутаты