Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Mahalliy muammolar va ijro intizomi – diqqat markazida
янв.21
Xalq deputatlari tuman Kengashining Qarori qabul qilindi!!!
янв.21
Xalq deputatlari Chiroqchi tuman Kengashi deputati Sharopov Turgunbek Uktamovich Chambil mahallasi hududiga tashrif buyurib, mahallani kompleks rivojlantirish bo‘yicha belgilangan chora-tadbirlar ijrosi bilan joyida tanishdi.
янв.21
Xalq deputatlari tuman kengashi deputati Iboyev Saxiddin navbatdagi uchrashuvini saylovchilar bilan o‘tkazdi
янв.21
Xalq deputatlari tuman Kengashi deputati Maxmudova Muxayyo Turg‘unovna aholi bilan uchrashdi.
янв.21
Deputat va IIB hamkorligi!!!
янв.21
2- Quruqsoy saylov okrugidan tuman Kengashi deputati Sharopov Turg‘unbek Chiroqchi tumani Chambil mahalla fuqarolar yig‘inida saylovchilar bilan uchrashuv o‘tkazdi.
янв.21
Xalq deputatlari Chiroqchi tuman Kengashining navbatdagi sessiyasi bo‘lib o‘tdi
янв.21
2025 yil 10-11 iyun kunlari bo‘lib o‘tgan IV-Toshkent xalqaro investitsiya forumi hamda xorijiy investorlar kengashi majlisidagi O‘zbekiston Respublikasi Prezidenti Shavkat Mirziyoevning nutqlarida ilgari surilgan eng muhim tashabbus va iqtisodiy ko‘rsatkichlar
янв.21
Ostonada “Markaziy Osiyo – Italiya” sammiti bo'lib o'tdi
Мунасибет

 Мүнәсибет. 

  

«Биз ушын инвестиция – тек қаржы дереги емес. Бул – технология, билим, тәжирийбели кадрлар, халықаралық ислеп шықарыў системасына қосылыў, яғный, ҳақыйқый раўажланыў дегени!». 

  

Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.М.Мирзиёев 2025-жыл 10-июнь күни Ташкент қаласында болып өткен Халықаралық
инвестиция форумында шы
ғып сөйлеген сөзинде
усы пикирлерди билдирди.
 

Халықаралық форумда 7,5 тен артық делегат, 100 ге жақын мәмлекетлерден 3 мыңға шамалас мийманлар қатнасты. 

Президент сөзиниң басында дүнья жүзинде глобал қәўипсизлик ҳәм раўажланыўға болып атырған қәўиптиң артып барыўы, геосиясый процесслердиң көз алдымызда тез пәт пенен өзгерип баратырғанлығын, дүньяда қуралланыў пойгасының ҳәўиж алыўы, бүгинги күнде жәҳән жалпы өнимлердиң өсиў көрсеткишлери кейинги 3 жылда пәсейип кеткенлигин атап өтти. 

 Сондай-ақ, халықаралық дипломатия
күши
әззиленгенлигин, ең ашынарлысы, инсаният ушын ең әҳмийетли машқалалар-азық-аўқат қәўипсизлиги, камбағаллық, ықлым өзгериўи сыяқлы мәселелерге итибардың кемейип баратырғанлығын сынға алды. 

Президент шығып сөйлеўинде Россия менен Украина арасындағы, Израил
менен Палестина арасында
ғы қарама-қарсылықларды дипломатиялық жол
менен шеши
ў , сондай-ақ, бизиң менен қоңсылас болған Афганстан мәмлекети менен халықаралық майданда конструктив
байланыс алып бары
ў зәрүрлигин атап өтти. 

Форумда президент тәрепинен қатнасыўшыларға форумның
тийкар
ғы темасы болған инвестициялар-
тек экономикалық ра
ўажланыў емес, бәлки тынышлық ҳәм раўажланыў кепиллиги екенлигин айырықша атап өтиў менен бирге форум қатнасыўшыларын
«Инвестиция д
әрамат
келтири
ў менен
бирге, инсан қ
әдирин улығлайтуғын, оның турмыс тәризин
тәмийинлейтуғын ҳәм жәмийет раўажланыўына хызмет ететуғын беккем тийкарға
айлансын!» деген усынысты алға сүрди.
 

 Президент форумда жәҳән экономикасы жаңа дәўир ҳәм өзгерислер босағасында турғанлығын, бул өз гезегинде раўажланыў жолынан баратырған мәмлекетлерди төмендеги бағдарлар бойынша бирге ислесиў зәрүрлигине тоқтады : 

-“Жасыл экономика” экономикалық моделине өтиў; 

-санлы технология ҳәм жасалма интеллект экономикасының «Драйвери» не айланыўы;  

-бүгинги күнде қаржы системасы ҳәм технологиялардың кескин өзгериўи; 

-«Төртинши санаат раўажланыўы» «технологиялық минераллар» ға болған талаптың бир неше есеге көбейиўи. 

Президент сөзиниң жуўмағында Өзбекстан мәмлекети «Жаңа
Өзбекстан-инвестициялар ушын
үлкен имканиятлар мәмлекети» принципин әмелий нәтийжелерге айландырыў мақсетинде барлық илажлар алып барылыўы бойынша исеним билдириў менен
бирге глобал ислеп шы
ғарыўда ҳәр бир мәмлекет ушын тең шараятларды тәмийинлейтуғын исенимли қағыйдалар болыўы шәрт ҳәм зәрүрлигин атап өтти.  

Сондай-ақ, форум қатнасыўшыларына Орайлық Азияда «Инвестиция
ҳ
әм саўда ушын арнаўлы аймақ концепциясы»н алға сүрди. 

Форум қатнасыўшылары тәрепинен Президентимиз тәрепинен айтылған усыныслар қоллап-қуўатланды.  

Өзбекстан Халық демократиялық партиясы мәмлекеттиң сиясый-экономикалық раўажланыўын жеделлестириўде мәмлекетлер арасында инвестиция бағдарында биргес ислесиў ҳаққында өзбекстан республикасы Президентиниң форум қатнасыўшыларына усынысларын қоллап-қуўатлайды.  

  

Тахтакөпир
районлық
 

Кеңес
депутаты
Ж.Адилов  

Slide 1 of 1