Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Xalq deputatlari Chiroqchi tuman Kengashining navbatdagi sessiyasi bo‘lib o‘tdi
янв.21
2025 yil 10-11 iyun kunlari bo‘lib o‘tgan IV-Toshkent xalqaro investitsiya forumi hamda xorijiy investorlar kengashi majlisidagi O‘zbekiston Respublikasi Prezidenti Shavkat Mirziyoevning nutqlarida ilgari surilgan eng muhim tashabbus va iqtisodiy ko‘rsatkichlar
янв.21
Ostonada “Markaziy Osiyo – Italiya” sammiti bo'lib o'tdi
янв.21
Tadbirkor yuragida orzu, qo'lida yechim bo'ladi
янв.21
Deputatlik guruxining yig‘ilishi o‘tkazildi
янв.21
Tadbirkorlik rivoji uchun yangi sharoit va imkoniyatlar
янв.21
Tadbirkor-elga madadkor
янв.21
So'ngi qo'ng'iroq
янв.21
Prezidentimizning Vengriya va Sloveniyaga rasmiy tashrifi menda katta taassurot qoldirdi
янв.21
Ilm – eng buyuk sharaf!
Мүнәсибет

Қарақалпақстан Республикасында Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Орайлық Кеңеси ҳәм Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы фракциясы ағзалары тәрепинен әмелге асырылып атырған кең көлемли үйрениўлер – мәмлекетимизде социаллық сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири - халықтың абаданлығын арттырыў ҳәм халық пенен жақыннан пикирлесиўге қаратылғаны менен айрықша әҳмийетке ийе.

Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Орайлық Кеңесиниң басшы ҳәм жуўапкер хызметкерлери, Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги партия фракциясы ҳәм Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиндеги партия топары ағзаларының қатнасыўында алып барылып атырған үйрениў жумыслары – орынлардағы машқалаларды тыңлаў ҳәм оларға әмелий шешимлер усыныс етиўге қаратылған әҳмийетли әмелий илаж болып есапланады.

Нөкис районындағы "Ақманғыт" посёлкалық пуқаралар жыйынындағы мәҳәлле жетилиги ҳәм белсендилери менен ушырасыўда олардың искерлиги, аймақтағы машқалалар ҳәм олардың шешими, сонын менен бирге, халықты социаллық қорғаў барысында әмелге асырылып атырған илажлар бойынша пикир алысты. Бул процессте, пуқаралардың пикир ҳәм машқалаларын тыңлаў, оларға шешим табыўда әмелий жәрдем бериў, жергиликли дәрежедеги социаллық хызметлердиң нәтийжелилигин арттырыў, партиямыздың бағдарламалық мақсет ҳәм ўазыйпаларына муўапық халық пенен пикирлесиў тийкарғы ўазыйпалардан бири болып есапланады. Үйрениў нәтийжелери тийкарында ислеп шығылатуғын усыныс ҳәм жуўмақлар тек ғана Қарақалпақстан емес, ал пүткил мәмлекетимиз көлеминде социаллық қорғаўды және де нәтийжели жолға қойыўға хызмет ететуғыны анық.

Өзбекстан Халық демократиялық партиясынан сайланған депутат сыпатында биз бул бағдарда әмелий илажлар алып барып, халқымыздың абаданлығына қаратылған реформаларды және де тереңлестириўде белсендилик пенен қатнасамыз.

Slide 1 of 1