Xalq deputatlari Chimboy tumani Kengashi
O'Z
Yangiliklar
Kengashlar
Chimboy tumani
«
‹
Mart 2025
›
»
Du
Se
Cho
Pa
Ju
Sha
Yak
24
25
26
27
28
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
1
2
3
4
5
6
05 март 2025
⚡️Әҳмийетли ушырасыў болып өтти…
Я.Абдусаттаров Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси секретариаты искерлиги ҳәм ол жерде алып барылып атырған жумыслар барысы менен танысып, алдағы ўақытларда Кеңес жумысларын еледе раўажландырыў бойынша өз усынысларын билдирди.
Әҳмийетли ушырасыў болып өтти…
Олий Мәжилис Сенатының “Халық депутатлары жергиликли Кеңеслер искерлигин үлгили шөлкемлестириў ҳаққында”ғы 2025-жыл 28-январь күнги KQ-51-V-санлы карарына муўапық Аймақлық ўәкиллик уйымлары искерлигин үйрениў орайынан Республикамызға бириктирилген ўәкил Абдусаттаров Якубжан Исакович районымызда мийманда болды.
27 феврал 2025
Xalıq deputatları Shımbay rayonlıq Keńesiniń 6 - sessiyası bolıp ótti
Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң гезектеги 6-сессиясының күн тәртибинде қаралатуғын мәселелер 1. Шымбай районында аймақларды раўажландырыўды және де жеделлестириў ҳәм халық бәнтлигин тәмийинлеў бойынша ислеп шығылған “Драйвер” жойбарларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша илажлар бағдарламасы ҳаққында. 2. Шымбай районы жергиликли бюджетиниң 2025-жыл 1-январь жағдайына район бюджетининң еркин қалдық есабынан қаржылардың бөлистирилиўи ҳаққында. 3. Жәмийетшилик пикири тийкарында илажларды қәлиплестириў, баҳалаў, таңлап алыў ҳәм де орынланыўын мониторинг қылыў сондай-ақ, Бюджет процессинде пуқаралардың белсене қатнасыўын тәмийинлеў бойынша районлық исши комиссиясы тәрепинен 2024-жыл даўамында алып барған жумыслары ҳаққында.
12 феврал 2025
ДЕПУТАТ_УШЫРАСЫЎЫ
⚡️ Депутат бул – халықтың ўәкили. Ол ѳзин сайлаған халықтың машқала ҳәм мәселелерин тийисли жоқары уйымларға алып шығады. Мине усы мақсетте, белгиленген реже тийкарында 1-санлы “Х.Низаматдинов” сайлаў округинен сайланған депутат Х.Абдижалиев пенен 2-санлы “А.Сапарбаева” сайлаў округинен сайланған депутат Е.Мадреймовлар ѳз сайлаўшылары менен ушырасты. ⚡️ Дәслеп “Тазғара” аўыл пуқаралар жыйыны жетилиги менен ушырасып, олардың ѳткен 2024-жылда әмелге асырған жумыслары ҳәм усы жылда әмелге асырылыўы керек болған жумыслары кѳрип шығылып, халық пенен еле де жақыннан жумыс ислеў бойынша усыныслар берилди. ⚡️ Буннан соң районлық 5-санлы улыўма билим бериў мектеби мәжлислер залында “Гүлистан” мәҳәллеси турғынлары менен ушырасып, олардың машқалаларын тыңлады. Депутатларға аймақ турғынлары тәрепинен билдирилген мәселе ҳәм мүрәжатлар тийисли тәртипте үйренилип шығылып, унамлы шешим табыўы бойынша тийисли илажлар кѳрилетуғынлығы билдирилди.
16 январ 2025
Шымбай районында депутатлар ушын оқыӯ семинары шөлкемлестириди
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси басламасы менен Халық депутатлары районлық, қалалық Кеӊеслери депутатларына оқыў семинар өткериў белгиленген. Усы тийкарда Шымбай районы ҳәкимлигиниӊ мәжилислер залында районлық Кеңеске сайланған депутатлар ушын оқыў семинары шөлкемлестирилди. Семинарға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси Комитет баслығы Ш. Өтемисов ҳәм сиясий партиялардың Қарақалпақстан Республикалық Кеңеслери баслықлары қатнасты. Семинарда баянатшылар тәрепинен депутатлық искерлигиниң нызамлылық тийкарлары ҳәм сайлаўшылар мүрәжатлары менен ислесиўде депутатлардыӊ орны ҳәм жуўапкершилигин асырыў, олардыӊ сайланған округ аймағындағы машқалалар, мәмлекетлик бағдарламалардыӊ тийисли мәмлекетлик уйымлар тәрепинен орынланыўы үстинен қадағалаў, мәҳәлле ўәкиллери менен ислесиўди еледе күшейттириў бағдарындағы ўазыйпалар бойынша пикир алысылды.
07 ноябр 2024
Шымбай районын социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша 2025-2029-жыллар даўамында әмелге асырылыўы режелестирилген жумыслар ҳаққында район ҳәкими Тажетдинов Айбек Алтынбековичтиң бағдарламасы
Шымбай районын социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша 2025-2029-жыллар даўамында әмелге асырылыўы режелестирилген жумыслар ҳаққында район ҳәкими Тажетдинов Айбек Алтынбековичтиң бағдарламасы
Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң биринши сессиясы болып өтти
Сессияға депутатлар, жәмийетшилик ўәкиллери, райондағы мәкеме басшылары район белсендилери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Сессияда Шымбай районы ҳәкимин тайынлаў ҳаққындағы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң бийлигине тийкар Шымбай районы ҳәкими лаӯазымына Айбек Тажетдинов Алтынбекович тайынланды.
22 октябр 2024
Депутатлар_хошаметленди
Депутатлар_хошаметленди 2019-2024-жылларда депутатлық искерлиги даўамында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис тәрепинен өабыл етилип атырған пәрман ҳәм қарарлардың мазмун-мәнислери бойынша ҳалыққа кеңнен түсиндириў, елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың барысы, пуқаралардың турмыс шараятларын еле де жақсылаў, мәҳәллелерди социаллық-экономикалық жақтан раўажладырыў ҳәм де аймақтағы машқалалардың нәтийжели тәмийнлеў мақсетинде қосқан хызметлери ушын Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси депутатлары ҳүрмет жарлығы ҳәмде баҳалы саўғалар менен хошаметленди.
Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң жетписинши сессиясы
Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң жетписинши сессиясы
23 август 2024
Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң 68-сессиясы
Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң 68-сессиясы