Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Депутат сайлаў округындағы социаллық объектлердиң гүз-қыс мәўсимине таярлық жағдайларын үйренди.
янв.21
Қәўипсиз бақша: Жумысшы топар тәрепинен Мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери үйренилмекте
янв.21
Депутат сайлаў округындағы ҳаял-қызлардың мүрәжатлерин үйренди
янв.21
Кеңес баслығы "Шахтемир" МПЖ аймағы белсендилери менен ушырасты.
янв.21
Депутат сайлаў округындағы мектеплердиң гүз-қыс мәўсимине таярлық жумысларын үйренди.
янв.21
Deputat máhálledegi mashqalalardi úyrendi
янв.21
⚡️Deputat “Kónshi” mákan puqaralar jıyınında ámelge asırılıp atırǵan jumıslardı úyrendi...
янв.21
Қәўипсиз бақша: Жумысшы топар тәрепинен Мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери үйренилмекте
янв.21
Шымбайда ҳаял-қызлардың ҳуқықый саўатлылығын арттырыўға қаратылған ушырасыў болып өтти
янв.21
Deputat aymaqta gúzgi-qısqı máwsimge tayarlıq jumısların úyrendi.
Қәўипсиз бақша: Жумысшы топар тәрепинен Мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери үйренилмекте

Қәўипсиз бақша: Жумысшы топар тәрепинен Мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери үйренилмекте

♻️ Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Орайлық Кеңеси Атқарыў комитети Президиумының 2026-жыл 3-апрельдеги Ҳ-4/3-санлы қарары тийкарында Шымбай районы «Қаракөл» МПЖ аймағында жайласқан 19-санлы мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде арнаўлы жумысшы топар тәрепинен үйрениў жумыслары алып барылды.

✅ Илажда Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси депутаты Г.Ещанова, Өзбекстан ХДП Шымбай районлық Кеңеси баслығы С.Нурмамбетов, Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси секретариаты бас қәнигеси Н.Бердимуратов ҳәм де тийисли тараў қәнигелери қатнасты.

✍️Үйрениў даўамында мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде Санитариялық-гигиеналық талаплардың орынланыўы, өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел етилиўи, электр үскенелеринен дурыс пайдаланыў жағдайы ҳәм балалардың қәўипсизлигин тәмийинлеў илажлары, Балалар ушын жаратылған шараятлар, азық-аўқат өнимлерин туўры сақлаў ҳәм аўқат таярлаў процесслери көзден өткерилди. Сондай-ақ, билимлендириў шөлкеминиң жумысын және де нәтийжели шөлкемлестириў, бар кемшиликлерди сапластырыў ҳәм билимлендириўдиң сапасы және қәўипсизлик талапларын күшейтиў бойынша усыныслар берилди.

📌 Район аймағындағы мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде бундай жәмийетлик қадағалаў ҳәм үйрениў жумыслары турақлы даўам етпекте.

Slide 1 of 6