Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Deputat balalar baqshasındaǵı ishimlik suwı támiynatın úyrendi
янв.21
Deputat mekteptegi oqıwshı qızlar menen sáwbetlesti
янв.21
Deputat aymaqtaǵı balalar baqshasında videobaqlaw kameralarınıń jumısı menen tanıstı
янв.21
Deputat máhállede gúl jetistiriw jumısı menen tanıstı
янв.21
Shımbay rayonında "Jaslar hám nızam" joybarı sheńberinde ilajlar ótkerildi
янв.21
Депутат_мәҳәлледе
янв.21
Депутат_мәҳәлледе
янв.21
Жәмийетлик_қадағалаў
янв.21
Deputat tiyisli taraw shólkem wákilleri menen birgelikte xalıq penen ushırasıw ótkerdi....
янв.21
Prezident saparı — rawajlanıwdıń hám reformalardıń jańa basqıshı
Депутат_мәҳәлледе

♻️ Бүгин Шымбай районы «Кеңес» АПЖ аймағында жайласқан 9-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде питкериўши оқыўшы қызлар катнасыўында әҳмийетли ушырасыў өткерилди.

✅ Илажда Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги ӨзХДП депутатлық топары ағзасы А.Утепбергенова ҳәм мектептиң оқыўшы қызлары қатнасты.

✍️Ушырасыў даўамында оқыўшы қызлардың мүнәсип кәсип ийелеўи, жоқары оқыў орынларына кириўге тайынланыўы ҳәм жасларға жаратылып атырған имканиятлардан натийжели пайдаланыў мәселелери талқыланды. Сондай-ақ, жәмийетте ҳаял-қызлардың ҳуқық ҳәм эркинликлерин қорғаў, қызлар арасында психологиялық ҳәм физикалық зораўанлық жағдайларының алдын алыў бойынша үгит-нәсият илажлары өткерилди.

📌 Ушырасыў соңында оқыўшы қызлар өзләрин қызықтырған сораўларға жуўаплар алып, өз-ара пикир алысты.

Slide 1 of 4