Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
⚡️Әҳмийетли ушырасыў болып өтти…
янв.21
Әҳмийетли ушырасыў болып өтти…
янв.21
Xalıq deputatları Shımbay rayonlıq Keńesiniń  6 - sessiyası bolıp ótti
янв.21
ДЕПУТАТ_УШЫРАСЫЎЫ
янв.21
Шымбай районында депутатлар ушын оқыӯ семинары шөлкемлестириди
янв.21
Шымбай районын социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша 2025-2029-жыллар даўамында әмелге асырылыўы режелестирилген жумыслар ҳаққында район ҳәкими Тажетдинов Айбек Алтынбековичтиң бағдарламасы
янв.21
Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң биринши сессиясы болып өтти
янв.21
Депутатлар_хошаметленди
янв.21
Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң жетписинши сессиясы
янв.21
Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң 68-сессиясы
Xalıq deputatları Shımbay rayonlıq Keńesiniń  6 - sessiyası bolıp ótti

Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң 

гезектеги 6-сессиясының күн тәртибинде қаралатуғын мәселелер

1. Шымбай районында аймақларды раўажландырыўды және де жеделлестириў ҳәм халық бәнтлигин тәмийинлеў бойынша ислеп шығылған “Драйвер” жойбарларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша илажлар бағдарламасы ҳаққында.

2. Шымбай районы жергиликли бюджетиниң 2025-жыл 

1-январь жағдайына район бюджетининң еркин қалдық есабынан қаржылардың бөлистирилиўи ҳаққында.

3. Жәмийетшилик пикири тийкарында илажларды қәлиплестириў, баҳалаў, таңлап алыў ҳәм де орынланыўын мониторинг қылыў сондай-ақ, Бюджет процессинде пуқаралардың белсене қатнасыўын тәмийинлеў бойынша районлық исши комиссиясы тәрепинен 2024-жыл даўамында алып барған жумыслары ҳаққында.

4. Өзбекстан Республикасының 2024-жыл 5-август күнги 

“Өз басымшалық пенен ийелеп алынған жер участкаларына ҳәм де оларда қурылған имаратларға болған ҳуқықларды тән алыў ҳаққында”ғы ӨзРН-937-санлы Нызамының орынланыўын Шымбай районында тәмийинлеў илажлары ҳаққында.

5. Шымбай районы Әдиллик бөлими тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында.

6. Шымбай районы Аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары баслықларын сайлаўына таярлық көрыў жумыслары ҳаққында.

7. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 

2024-жыл 3-декабрь күнги 34-санлы Президиум қарарына тийкар Шымбай районында социаллық жәрдемге мүтаж, жетим ямаса ата-анасының қарамағынан айырылған студент ҳаял-қызлардың 2024/2025-оқыў жылындағы контракт төлемлери ушын қаржы ажыратыў ҳаққында.

8. Жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың Сенат ҳәм Халық депутатлары жергиликли Кеңеслери менен бирге ислесиўди жолға қойыў мақсетинде Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесинде Жаслар парламенти ўәкиллер мектебин шөлкемлестириў ҳаққында.

9. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы Кенгашиниң Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кенгашиниң 2024-жыл 17-сентябрь күнги 4841-IV/QQ-815-IV-санлы Қоспа қарарына тийкар Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси жанында эксперт топары дүзиў ҳаққында.

10. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кеңесиниң ҳуқуқый норматив ҳүжжетлерин тастыйықлаў ҳаққында:

- Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кеңесиниң 2025-жыл 28-январь күнги “Халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң жумысын үлгили шөлкемлестириў ҳаққында”ғы QQ-51-V-санлы қарары ҳаққында;

- Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кеңесиниң 2024-жыл 11-декабрь күнги “Халық депутатлары районлық Кеңеси тәрепинен нызамларды көрип шығыў ҳәм додалаў ҳаққындағы үлги режени тастыйықлаў ҳаққында”ғы 

ПҚ-19-V-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў ҳаққында;

- Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кеңесиниң 2025-жыл 28-ноябрь күнги “Халық депутатлары районлық Кеңеси тәрепинен сораўын, жергиликли Кеңес депутаты тәрепинен депутат сораўын жибериў тәртибин тастыйықлаў ҳаққында”ғы ПҚ-53-V-санлы қарары ҳаққында;

- Халық депутатлары районлық Кеңеси сессияларында аймақлық мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлери лаўазымлы шахсларының есабаты ҳәм де мәлимлемелерин тыңлаў тәртибин тастыйықлаў ҳаққында;

- Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кеңесиниң 2025-жыл “Халық депутатлары районлық Кеңесиниң қарарлары жойбарларын ислеп шығыў ҳәм оларды ҳуқықый экспертизадан өткериў тәртибин тастыйықлаў ҳаққында”ғы ПҚ-55-V-санлы қарары ҳаққында;

- Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының 

2024-жыл 26-июнь күнги QQ-769-IV-санлы қарарында көрсетилген Жергиликли Кеңеслердиң ўәкилликлери, ўазыйпалары ҳәм функциялары реестрин жүритиў тәртиби ҳаққында;

- Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 

2025-жыл 13-февраль күнги “Халық депутатлары жергиликли Кеңеслери Секретариатлары хызметкерлериниң айлық 

ис-ҳақыларына қосымша үстеме белгилеў бойынша” 

113-санлы Президиум қарарын орынлаў ҳаққында.

Slide 1 of 10