35 yilYagona vatan, yagona xalq bo'lib, yangi hayot va kelajak yaratamiz!

Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Deputat úyme-úy júrip, xalıqtıń mashqalaların úyrendi
янв.21
Шымбай районында депутат ҳәм жаслар ушырасыўы өткерилди
янв.21
Deputatlar "Ashıq byudjet" portalına kelip túsken usınıslardı kórip shıqtı
янв.21
Депутат тәрепинен Балалар спорт мектебинде жаратылған имканиятлар үйренилди
янв.21
12-avgust — Ózbekstan Respublikası Mámleketlik salıq xızmeti xızmetkerleri kúni!
янв.21
Deputatlar rayon orayın bildiriwshi jol belgileri ornatıw máselesin úyrendi.
янв.21
Deputat Milliy gvardiya jumısı menen tanıstı
янв.21
Deputat "Hayallar dápteri"ne kirgizilgen hayal-qızlar menen ushırastı
янв.21
Deputat saylaw okrugindegi sawda dúkanlarında bahanı úyrendi
янв.21
#24-másele
Шымбай районында депутат ҳәм жаслар ушырасыўы өткерилди

Шымбай районында депутат ҳәм жаслар ушырасыўы өткерилди

♻️ Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги ӨзХДП депутатлық топары ағзасы Х.Абдижалиев ҳәм Миллий тикланиш ДП депутатлық топары ағзасы Е.Мадреймовлар “Көнши” МПЖ аймағында болып, белсенди жаслар менен ушырасты ҳәм олардың пикир ҳәм усынысларын үйренди.

✅ Ушырасыўда жасларды жоқары оқыў орынларына бағдарлаў, олардың кәсип таңлаўына көмеклесиў, бәндлигин тәмийинлеў ҳәм социаллық басламаларын қоллап-қуўатлаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Буннан тысқары жаслардың заманагөй кәсиплерди терең өзлестириўи ушын жақыннан жәрдемлесиў, сондай-ақ, исбилерменлик басламаларын раўажландырыў, жеңиллетилген кредитлер алыў тәртиби ҳәм өз исбилерменлигин жолға қойыў ушын керекли шараятлар жаратыў ҳаққында сөз етилди.

✍️ Ушырасыў жуўмағында билдирилген пикир-усыныслар тийкарында анық илажлар белгиленип, депутатлар тәрепинен қадағалаўға алынды.

Slide 1 of 5