Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
⚡️Әҳмийетли ушырасыў болып өтти…
янв.21
Әҳмийетли ушырасыў болып өтти…
янв.21
Xalıq deputatları Shımbay rayonlıq Keńesiniń  6 - sessiyası bolıp ótti
янв.21
ДЕПУТАТ_УШЫРАСЫЎЫ
янв.21
Шымбай районында депутатлар ушын оқыӯ семинары шөлкемлестириди
янв.21
Шымбай районын социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша 2025-2029-жыллар даўамында әмелге асырылыўы режелестирилген жумыслар ҳаққында район ҳәкими Тажетдинов Айбек Алтынбековичтиң бағдарламасы
янв.21
Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң биринши сессиясы болып өтти
янв.21
Депутатлар_хошаметленди
янв.21
Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң жетписинши сессиясы
янв.21
Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң 68-сессиясы
Халық депутатлары  Нөкис қалалық Кеңесиниң биринши сессиясы болып өтти

Бүгин, Халық депутатлары  Нөкис қалалық Кеңесиниң биринши сессиясы болып өтти.

Халық депутатлары Нөкис қалалык Кеңеси Регламентиниң 17-статьясына муўапық, сессия жумысын даўам еттирип қала ҳәкими, Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңеси баслығы А.Данияров басқарып барды.

Сессияның күн тәртибине төрт мәселе қойылды.

1- Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесине сайланған депутатлардың партия топарларын дизимге алыў;

2. Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң Регламенти ҳәм турақлы комиссиялар ҳаққындағы Нызамын тасыйықлаў;

3. Нөкис қаласы ҳәкимин тайынлаў ҳаққындағы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң бийлигин тастыйықлаў;

4. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, район ҳәм қалалық Кеңеслери Қоспа мәжилиси Мәсләҳәт Кеңесине Нөкис калалық Кеңеси атынан талабанды усыныс етиў ҳаққындағы мәселелер көрип шығылды.

Депутатлар күн тәртибиндеги мәселелер бойынша қарар қабыл етти.

Усының менен биринши сессия өз жумысын жуўмақлады.

https://t.me/nokisdeputat

Slide 1 of 10