Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Шымбайда 967 мың АҚШ долларлық жойбар: Жаңа объект халық саламатлығына хызмет етеди
янв.21
ДЕПУТАТ ИТИБАРЫ – БИЛИМЛЕНДИРИЎ САПАСЫНЫҢ КЕПИЛЛИГИ
янв.21
Кеңес баслығының жаслар менен ушырасыўы өткерилди
янв.21
Жаслар сиясаты — баслы дыққат-итибарда
янв.21
“Gújimli” máhállesinde deputatlar hám máhálle jetiligi qatnasında májilis bolıp ótti
янв.21
Turaqlı komissiya májlisi ótkerildi
янв.21
XALIQ DEPUTATLARI SHIMBAY RAYONLIQ KEŃESINIŃ GEZEKTEGI 19-SESSIYASINA SHAQIRILADI
янв.21
“Shańaraqlardıń bekkemligin kepilleymiz” akciyası ótkerildi
янв.21
Deputat máhálle jetiligi aǵzaları menen birgelikte jaslardıń mashqalaların úyrendi
янв.21
HÚRMETLI MIYIRBIYKELER!
Шымбайда 967 мың АҚШ долларлық жойбар: Жаңа объект халық саламатлығына хызмет етеди

Шымбайда 967 мың АҚШ долларлық жойбар: Жаңа объект халық саламатлығына хызмет етеди

Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги Өзбекстан ХДП депутатлық топары ағзасы Х.Абдижалиев өзи сайланған «Гүлистан» МПЖ аймағында болып, аймақта әмелге асырылып атырған қурылыс жумыслары менен жақыннан танысты.

Әмелий илаж даўамында депутат жаңадан салынып атырған районлық Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлиминиң заманагөй талаплар тийкарында бой көтерип атырған жаңа имараты қурылысы барысын үйренди. Жойбар шеңберинде Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң жойбар хызметлери басқармасы (UNOPS) халық аралық шөлкеминиң инвестиция қаржылары есабынан 967 мың
АҚШ доллары мугдарында қаржы ажыратылып, бүгинги күнде қурылыс-монтаж жумыслары белгиленген режеге муўапық алып барылмақта. Объектте заманагөй инженерлик-коммуникация тармақлары, қолайлы хызмет бөлмелери, лабораториялар ҳәм қәўипсизлик талапларына толық жуўап беретуғын инфраструктура жаратыў көзде тутылған.

Илаж соңында қурылыс жумысларының сапасы ҳәм қурылыс нормаларына сай тәризде алып барылып атырғанлығына айрықша итибар қаратылып, объекттиң өз ўақытында, сапалы ҳәм толық пайдаланылыўға тапсырылыўы бойынша тийисли усыныс ҳәм пикирлер билдирилди.

Slide 1 of 7