Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Шымбайда 967 мың АҚШ долларлық жойбар: Жаңа объект халық саламатлығына хызмет етеди
янв.21
ДЕПУТАТ ИТИБАРЫ – БИЛИМЛЕНДИРИЎ САПАСЫНЫҢ КЕПИЛЛИГИ
янв.21
Кеңес баслығының жаслар менен ушырасыўы өткерилди
янв.21
Жаслар сиясаты — баслы дыққат-итибарда
янв.21
“Gújimli” máhállesinde deputatlar hám máhálle jetiligi qatnasında májilis bolıp ótti
янв.21
Turaqlı komissiya májlisi ótkerildi
янв.21
XALIQ DEPUTATLARI SHIMBAY RAYONLIQ KEŃESINIŃ GEZEKTEGI 19-SESSIYASINA SHAQIRILADI
янв.21
“Shańaraqlardıń bekkemligin kepilleymiz” akciyası ótkerildi
янв.21
Deputat máhálle jetiligi aǵzaları menen birgelikte jaslardıń mashqalaların úyrendi
янв.21
HÚRMETLI MIYIRBIYKELER!
Мүнәсибет

Сенаттың Жаслар, ҳаял-қызлар, мәденият ҳәм спорт мәселелери комитетиниң ағзалары БМШ Халықтаныў қорының (ЮНФПА) Ташкенттеги ўәкилханасы делегациясы менен ушырасыўында ЮНФПА тәрепинен таярланған “Технологиялардан пайдаланыўға байланыслы гендер зорлық тараўындағы нызамшылықтың шолыўы” атамасындағы аналитикалық ҳүжжет додаланыўында бул ҳүжжет санлы орталықта ҳаял-қызлардың қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша ҳуқықый илажлар көрилетуғынлығы, онлайн зорлық жағдайларына қарсы гүресиўге қаратылған үгит-нәсият нәтийжелеринде ҳуқықый илажлар көриў ҳәм миллий нызамшылықты жетилистириў мәселелерине бағышланғанлығы әҳмийетли орын тутады..

Ушырасыўда мәмлекетимизде гендер теңликти тәмийинлеў, ҳаял-қызларды ҳәр қандай зорлық, соның ишинде, санлы күш көрсетиў ҳәм қәўип-қәтерлерден қорғаў бойынша әмелге асырылып атырған нызамшылық реформалары, жаңалықлар ҳәм әмелий басламалар ҳәр тәреплеме додаланғанлығын атап өтиў айрықша әҳмийетке ийе болды. Бул ҳүжжетти таярлаўда технологиялар арқалы әмелге асырылатуғын гендер тийкарындағы зорлық жағдайларына қарсы гүресиў бойынша халықаралық әмелият ҳәм сырт мәмлекетлердиң тәжирийбеси үйренилген болып, ол келешекте миллий нызамшылықты жетилистириўде әҳмийетли тийкар болып хызмет ететуғыны қатнасыўшылар тәрепинен айрықша атап өтилгенлиги,соның менен бирге сенаторлар, тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың ўқәнигелери қатнасқан илаж жуўмағында биргеликтеги усынысларды ислеп шығыўда бирге ислесиўди күшейтиўге келисип алынғанлығын бәршемиз қоллап-қуўатлаймыз.

3-«Маденият» сайлаў округи депутаты Г.Юсупова