🔹 “Кѳксуў” АПЖ аймағындағы “мәҳәлле жетилиги”, сондай-ақ, тийисли мәкеме ҳәм шөлкем басшыларының есабатлары тыңланды.
Бүгин Бозатаў районы “Кѳксуў АПЖ аймағындағы “мәҳәлле жетилиги”, сондай-ақ, тийисли мәкеме ҳәм шөлкем басшыларының 2025-жыл 3-шереги жуўмағы менен әмелге асырылған жумыслары бойынша
халық алдында есабаты тыңланды.
✅ Бул илаж Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 13-июндағы 334-санлы қарары тийкарында шөлкемлестирилип, ҳәр шерек жуўмағында мәҳәлле жетилиги жумысы бойынша ғалабалық ашықлықты тәмийинлеў мақсет етилген.
Есабат даўамында мәҳәлле пуқаралары менен сөйлесиўлер алып барылып, әмелге асырылған жумыслар ҳәм машқалалы мәселелер бойынша пикир-усыныслары тыңланды.