Yangiliklar

Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниӊ отыз төрт жыллығы пүткил елимиз бойлап көтериӊки руўхта белгиленбекте.

Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниӊ отыз төрт жыллығы пүткил елимиз бойлап көтериӊки руўхта белгиленбекте. Байрам салтанатлары Қараөзек районында жаӊа объектлер ҳәм халық дем алыў орныныӊ рәсмий ашылыўлары менен басланды. “Ашық бюджет” мәлимлеме порталы арқалы халқымыз усынысы менен районда Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық сарайы ҳәм сарай жанында заманагөй музей шөлкемлестириў жойбары жеӊимпаз болып, "REIM-QURILIS" ЖШЖ тәрепинен 1 млрд 360 млн сўм қаржы есабынан заманагөй қолайлықларға ийе орай имәраты қайта реконструкцияланып үскенелер менен тәмийинленди. Усы имәраттыӊ ашылыў мәресимине район ҳәкими А.Баймуратов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси комитет баслығы Ш. Өтемисов, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими баслығы Т.Атамуратов ҳәм районлық Кеӊес депутатлары, нураныйлар ҳәм жаслар қатнасты.

Slide 1 of 7