Yangiliklar

Депутат ҳәм жаслар

ДЕПУТАТ ҲӘМ ЖАСЛАР УШЫРАСЫЎЫ

Шымбай районы «Гүлистан» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 5-санлы мектепте “Депутат ҳәм жаслар” атамсында ушырасыўы болып өтти.

Ушырасыўда Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги партия топары басшысы О.Толыбеков, «Гүлистан» МПЖ баслығы Б.Жолдасбаев, Өзбекстан ХДП Шымбай районлық районлық кеңеси баслығы С.Нурмамбетов ҳәм де партия белсендилери қатнасты.

Депутат О.Толыбеков илаж даўамында жасларға бүгинги күнде мәмлекетимизде алып барылып атырған кең көлемли реформалар, соның ишинде, жасларға жаратылып атырған имканиятлар, олардың өз басламаларын жүзеге шығарыўы ушын жаратылған шараятлар ҳаққында мағлыўмат берди. 

Илаж қатнасыўшылары өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

Илаждан соң депутат О.Толыбеков мектептиң жаңа оқыў жылына таярлығы менен танысты. 

Slide 1 of 7