Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Deputat va yoshlar uchrashuvi
янв.21
Yoshlar kunidagi islohotlar – Yangi avlodga bo‘lgan ishonchning yorqin ifodasi
янв.21
Ikki davlat, bitta maqsad – barqaror taraqqiyot
янв.21
“Sijjak" mahallasi aholisi bilan uchrashuv o‘tkazildi.
янв.21
Doimiy komissiya hamda Kengashdagi O‘zbekiston“Milliy-tiklanish” demokratik partiyasining deputatlik guruhi tomonidan oʻrganish oʻtkazildi
янв.21
Doimiy komissiya yigʻilishi boʻlib oʻtdi
янв.21
Doimiy komissiya yigʻilishi boʻlib oʻtdi
янв.21
Tumanning maktabgacha va maktab ta’limi bo‘limida korrupsiyaviy omillarni oldini olish boʻyicha olib borilayotgan ishlar oʻrganilmoqda.
янв.21
Islohotlar natijadorligi – xalq dardini eshitish va yechim topish bilan o‘lchanadi.
янв.21
INVESTITSIYA VA ISLOHOTLAR: YANGI O‘ZBEKISTONNING RUHI VA STRATEGIYASI
Мүнәсибет

Мүнәсибет

    Өзбекстан Республикасы Президенти ҳүрметли Шавкат Мирзиёевтиң төртинши Ташкент халықаралық инвестиция форумындағы баянаты мəмлекетимиз раўажланыўы ҳəм келешеги жолындағы тағы бир әҳмийетли сиясий-экономикалық ўақыя болды. 

    Мəмлекетимиз басшысының усы баянатында Өзбекстанның ашық ҳəм турақлы экономикалық сиясатқа садық екени, исбилерменлик ҳəм инвесторлар ушын қолай орталық жаратыў бойынша қатаң реформалар избе-из даўам еттирилип атырғанлығы айрықша атап өтилди. Бул болса мəмлекетимиздиң халықаралық көлемдеги орнын беккемлеўге, жаңа жумыс орынларын жаратыўға ҳəм халқымыз пəраўанлығын асырыўға хызмет етеди.

     Халық демократиялық партиясы ушын зəрүрли болған социаллық турақлылық, пуқаралардың мийнетке ҳəм мүнəсип турмыс дəрежесине болған ҳуқықларын тəмийинлеў мəселелери Президент баянатында саўлеленгени биз - партия ўәкиллери ушын айрықша əҳмийетке ийе. Әсиресе, инвестициялар арқалы кем тəмийинленген халық қатламы ушын жаңа жумыс орынларын жаратыў, тараўдың-тəлим интеграциясын күшейтиў ҳəм аймақлар арасындағы экономикалық теңсизликти қысқартыў сыяқлы жөнелислер Халық демократиялық партиясы бағдарламалық мақсетлерине толық сəйкес келеди.

    Сол себепли, биз, Халық демократиялық партиясы депутатлары, мəмлекет басшысының бул басламаларын əмелге асырыўда. халық мəплери жолында, социаллық əдил ҳəм экономикалық теңликти тəмийинлеў мақсетинде белгиленген реформаларды нызамшылық ҳəм қадағалаў шөлкемлериндеги белсендилигимиз бенен қоллап-қуўатлаўға тайынбыз.