«Депутат мәҳәлледе» жойбары шеңберинде депутатлардың сайлаўшылар менен ушырасыўы.
2025-жыл 8-апрель күни «Айдын жол» МПЖ аймағындағы 2-санлы мектепте Өзбекстан ХДП Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты А.Аллиярованың сайлаўшылар менен 2025-жылдың биринши шерегинде әмелге асырылған жумыслары бойынша есабат бериў ушырасыўы болып өтти. Ушырасыўға «Айдын жол» МПЖ пуқаралары, 2-санлы мектептиң педагог кадрлары, жаслар қатнасты.
Жыйналысты «Айдын жол» МПЖ баслығы М.Қудияров алып барды.
Ушырасыўда депутат 2025-жылдың өткен дәўиринде «Айдын жол» МПЖ аймағында әмелге асырылып атырған жумыслар, сондай-ақ, жыл даўамында ислениўи режелестирилген жойбарлар ҳаққында сайлаўшыларға мағлыўмат берди.
Ушырасыў даўамында сайлаўшылардың усыныс,машқалалары тыңланды.