Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Yoshlar bilan uchrashuv o‘tkazildi
янв.21
Payshanba — yoshlar bilan muloqot kuni
янв.21
Open budjet 2026-yil 1-mavsumida tashabbuskorlar tomonidan kiritilgan loyihalari muhokama qilindi
янв.21
Hududlarni kompleks rivojlantirish, aholi farovonligini ta’minlash va infratuzilmani yanada takomillashtirish — ustuvor vazifalarimizdan biri bo‘lib qoladi.
янв.21
Fuqarolarimiz tomonidan bildirilayotgan murojaat va takliflar doimiy e’tiborimizda.
янв.21
Xalq deputatlari Bo'ston tumani Kengashi deputati tomonidan o‘z saylov okrugi hududida istiqomat qiluvchi aholining bandlik holati o‘rganildi.
янв.21
Deputatlik nazorati
янв.21
Payshanba — yoshlar bilan muloqot kuni
янв.21
Yoshlar masalalari — doimiy e’tiborda
янв.21
Payshanba – “Yoshlar kuni”: muloqot va amaliy qo‘llab-quvvatlash
"Жергиликли Кеңеслерге жаңадан берилген ўәкилликлер" - аймақлық раўажланыўда жаңа басқыш!

  "Жергиликли Кеңеслерге жаңадан берилген ўәкилликлер" - аймақлық раўажланыўда жаңа басқыш! 

 Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият системасында жәмийетлик қадағалаў ҳәм аймақлардың турақлы раўажланыўын тәмийинлеўде жергиликли Кеңеслер әҳмийетли орын ийелейди. Кейинги жыллары Ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен жергиликли Кеңеслердиң жумысын түп-тийкарынан реформалаў, олардың ўәкилликлерин кеңейтиў, депутатлардың жуўапкершилигин ҳәм халық алдындағы есап бериўин арттырыўға қаратылған бир қатар қарар ҳәм пәрманлар қабыл етилди. 

Бул реформалар жергиликли басқарыў системасын жаңа басқышқа алып шығып, аймақларды социаллық-экономикалық жақтан жедел раўажландырыўға хызмет етпекте. 

 Жергиликли Кеңеслердиң жаңадан белгиленген тийкарғы ўазыйпалары 

1. Депутатлық қадағалаўды күшейтиў. 

Енди депутатлар аймақта әмелге асырылып атырған бағдарлама ҳәм жойбарлардың орынланыўы үстинен системалы қадағалаў алып барады. Бул болса қабыл етилген қарарлардың әмелдеги нәтийжелилигин тәмийинлеўге хызмет етеди. 

2. Ҳәкимлердиң есаплылығын арттырыў. 

Ҳәкимлер Кеңеслер алдында турақлы есап бериўи белгиленди. Бул әмелият атқарыў ҳәкимияты жумысы үстинен ўәкиллик қадағалаўды беккемлеп, ашық-айдынлықты тәмийинлейди. 

3. Жергиликли бюджет ҳәм қаржыларды ашық додалаў. 

Бюджет жойбарлары ҳәм қаржылардың бөлистирилиўи Кеңес сессияларында ашық додаланады. Бул халықтың қаржылардың жумсалыўы бойынша хабардарлығын арттырады ҳәм финанслық тәртипти күшейтеди. 

4. Халықтың мүрәжатлары менен ислесиў системасын жетилистириў. 

Депутатлар сайлаў округлеринде пуқаралар менен турақлы ушырасыўлар өткерип, машқалаларды орнында үйрениў ҳәм шешиў илажларын көреди. 

5. Жәмийетшилик қатнасыўын кеңейтиў. 

Қарар қабыл етиў процессине пуқаралар, мәмлекетлик емес комерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийети институтларын кеңнен тартыў арқалы ашық-айдынлық тәмийинленбекте. 

Жуўмақ айтқанда: 

Жергиликли Кеңеслер халық пенен мәмлекет арасындағы исенимли "көпир" сыпатында ортаға шықпақта. Олардың ўәкилликлериниң кеңейиўи, депутатлық қадағалаўдың күшейиўи ҳәм есап бериўдиң артыўы аймақлық раўажланыўда жаңа басқышты баслап берди. 

Бул реформалар нәтийжесинде: 

• қарарлар орынларда халықтың мәплеринен келип шығып қабыл
етилмекте; 

• бюджет қаржыларынан нәтийжели пайдаланыў тәмийинленбекте; 

• жәмийетлик қадағалаў ҳәм пуқаралардың белсендилиги артып
бармақта.