Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

ӨзХДП 35 жаста: Шымбайда үш әўлад ушырасыўы болып өтти!

#ӨзХДП
#35_Жыл

ӨзХДП 35 жаста: Шымбайда үш әўлад ушырасыўы болып өтти!

Өзбекстан Халық демократиялық партиясы дүзилгениниң 35 жыллығы мүнәсибети менен Шымбай районында "Үш әўлад ушырасыўы: Партияның 35 жыллық тарийхый жолы" атамасында руўхый-ағартыўшылық илажы өткерилди.

Өзбекстан ХДП Шымбай районлық кеңеси ҳәм "Нураний" қоры менен биргеликте шөлкемлестирилген бул ушырасыўда жергиликли Кеңес депутатлары, партия ветеранлары ҳәм белсенди жаслар қатнасты.

Илажда нуранийлар өзлериниң мийнет жолы, партияның қәлиплесиўиндеги пидайы хызметлери ҳаққындағы еске түсириўлери менен ортақласып, жасларды мәмлекеттиң раўажланыўы ҳәм партия мақсетлери жолында интакер болыўға шақырды. Буннан соң сөзге шыққан жаслар өзлерин қызықтырған сораўларға толық жуўап алды.
 

Slide 1 of 7