Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
DEPUTAT SO‘ROVI YUBORILDI
янв.21
“MAXTUMQULI” OFYda UCHRASHUV BO‘LIB O‘TDI “Maxtumquli” ovul fuqarolar yig‘inida hududdagi tadbirkorlik faoliyatini boshlash istagida bo‘lgan fuqarolar ishtirokida uchrashuv tashkil etildi
янв.21
IT—zamonaviy yechimlar sari! #Yoshlar_maslahat_guruhi
янв.21
SAYLOVCHILAR VA AHOLI BILAN OCHIQ MULOQOT: MAHALLADA CHORAK YAKUNLARI SARHISOB QILINDI
янв.21
#Bosma nashrlarda
янв.21
Aholiga qulaylik yaratish va hududlar infratuzilmasini yaxshilash borasidagi ishlar tizimli davom etmoqda.
янв.21
#OAV_gazeta
янв.21
Xalq deputatlari Beruniy tuman Kengashi kotibiyat mudiri mahalla faollari va ko‘chaboshilar bilan uchrashdi
янв.21
Xalq deputatlari Beruniy tumani Kengashi deputati Matkarimova Hamida Fayzullaevna
янв.21
QIShLOQ XO‘JALIGIDA KLASTER TIZIMINING JORIY ETILIShI VA DEHQONLAR DAROMADINING OShIShI
Қәўипсиз бақша: Жумысшы топар тәрепинен Мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде үйрениў жумыслары даўам етпекте

Қәўипсиз бақша: Жумысшы топар тәрепинен Мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде үйрениў жумыслары даўам етпекте

✅ Өзбекстан ХДП Шымбай районлық кеңеси ҳәм Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси секретариаты, Кеңес жанындағы «Жаслар мәслаҳа топары» ағзалары ҳәм де тийисли тараў кәнигелери менен биргеликте «Жипек жолы» МПЖ аймағындағы 20-санлы мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемесинде гезектеги үйрениў жумыслары алып барылды.

📌 Илажда Өзбекстан ХДП Шымбай районлық кеңеси баслығы С.Нурмамбетов, Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси секретариаты бас қәнигеси Н.Бердимуратов, Кеңес жанындағы «Жаслар мәслаҳат топары» ағзалары ҳәм тийисли тараў қәнигелери қатнасты.

♻️ Илаж даўамында мәкемедеги санитариялық-гигиеналық ҳәм өрт қәўипсизлиги талапларына әмел етилиўи, электр үскенелериниң сазлығы ҳәм балалардың қәўипсизлигин тәмийинлеў илажлары ҳәр тәреплеме талланды. Соның менен бирге, тәрбияланыўшылар ушын жаратылған улыўма шараятлар, азық-аўқат өнимлерин сақлаў ҳәм аўқатларды таярлаў процесслери айрықша көзден өткерилди. Буннас тысқары шөлкем жумысын және де нәтийжели шөлкемлестириў, билимлендириў ҳәм қәўипсизлик талапларын күшейтиў және анықланған кемшиликлерди сапластырыў бойынша жуўапкерлерге тийисли усыныслар берилди.

✍️ Орынларда үйрениў жумыслары даўам етпекте.

Slide 1 of 3