Кегейли районы 9-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде Халық
депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутаты Н.Аметова, Өзбекстан Халық
демократиялық партиясы Кегейли Кеңеси
баслығы М.Мырзатаев қатнасыўында “Депутат мәҳәлледе” атамасында ушырасыў мәжилиси болып өтти.
Ушырасыўда Ҳүрметли Президентимиз тəрепинен
қабыл етилген пəрман ҳəм қарарлардың, мəмлекетлик бағдарламалардың турмысымызда
тутқан орны ҳəм əҳмийети бойынша үгит-нəсият жумысларын алып барды.