⏰ Коррупцияға қарсы гүресиў - жәмийет раўажланыўының гиреўи
◾️ Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңеси депутаты Б.Диланов тәрепинен университет студентлери менен "Коррупцияға қарсы гүресиў" темасында ашықтан-ашық сөйлесиў өткерилди.
◾️ Ушарасыў даўамында коррупцияның жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик раўажланыўға унамсыз тәсири, оның алдын алыўда жаслардың орны ҳәм белсенди пуқаралық позициясын қәлиплестириў мәселелери додаланды. Сондай-ақ, студентлерге коррупцияға қарсы нызамшылық, жуўапкершилик илажлары ҳәм ҳадаллық принциплериниң әҳмийети ҳаққында ҳәр тәреплеме мағлыўмат берилди.
◾️ Илаж интерактив тәризде өтип, студентлер өзлерин қызықтырған сораўларына толық жуўаплар алды. Бундай ашықтан-ашық сөйлесиўлер жасларда ҳуқықый сананы арттырыў ҳәм коррупцияға маўасасыз мүнәсибетти қәлиплестириўге хызмет етеди.
✔️ Нөкис қаласындағы ең әҳмийетли қарарлар, ушырасыўлар ҳәм жаңалықлар – усы жерде👇
Telegram (https://t.me/nokisdeputat) | Facebook (https://www.facebook.com/NokisDeputati) | Instagram (https://www.instagram.com/deputatlar_kenesi/)