Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
🏛 Tuman "Suv ta’minoti" korxonasida aholi murojaatlari ijrosi o‘rganildi
янв.21
Aholi bilan muloqot tizimini yanada takomillashtirishga qaratilgan muhim Farmon
янв.21
🏛 "Baxmaltumangaz" bo‘limida murojaatlar ijrosi tekshirildi
янв.21
📌 DOIMIY KOMISSIYA RAISINING ASOSIY VAKOLATLARI
янв.21
🏛 Tuman elektr tarmoqlari korxonasida murojaatlar ijrosi o‘rganildi
янв.21
📌 Sessiyalar – ochiqlik va hamkorlik maydoni
янв.21
🏛 Normativ-huquqiy hujjatlarning qonuniy kuchi yuzasidan tushuntirish
янв.21
❗️ Mahalliy Kengash deputatlari faoliyatining eng muhim 24 ta yo‘nalishi
янв.21
👮‍♂️ Novqa MFYda jinoyatchilikning oldini olish masalalari muhokama qilindi
янв.21
🏛 Deputat B.Mirzabekov sessiya kotibi axborotini o‘qib eshittirdi
Депутат_ҳәм_жаслар

♻️ Өзбекстан ХДП Шымбай районлық кеңеси басламасы менен «Кеңес» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында бой тиклеген «IT қалаша»да билим алып атырған жаслар менен ушырасыў өткерилди.

📌 Ушырасыўда Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги ӨзХДП депутатлық топары ағзасы А.Утепбергенова, «Кеңес» АПЖ баслығы А.Тажетдинов, Өзбекстан ХДП Шымбай районлық кеңеси баслығы С.Нурмамбетов, IT қалаша жуўаплы хызметкерлери ҳәм жаслар қатнасты.

✅ Илажда депутат А.Утепбергенова «IT қалашада» жаратылған шараятлар менен жақыннан танысып, зәманагөй кәсип ийелериниң пикир-усынысларын тыңлады. Буннан соң депутат тәрепинен бүгинги күнде мәмлекетимизде жасларға жаратылып атырған имканиятлар, соның ишинде, IT тараўын раўажландырыўға қаратылған ийгиликли басламалар ҳаққында айтып өтилди.

🔹 Илаж соңында қалашада билим алып атырған жаслар өзлериниң ислеп атырған жойбарлары, келешектеги мақсетлери менен бөлисти. Сондай-ақ, тараўда дусласып атырған айырым мәселелер бойынша депутатқа мүрәжат етип, тийисли жуўаплар алды.

Slide 1 of 7