Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
🏛 Tuman "Suv ta’minoti" korxonasida aholi murojaatlari ijrosi o‘rganildi
янв.21
Aholi bilan muloqot tizimini yanada takomillashtirishga qaratilgan muhim Farmon
янв.21
🏛 "Baxmaltumangaz" bo‘limida murojaatlar ijrosi tekshirildi
янв.21
📌 DOIMIY KOMISSIYA RAISINING ASOSIY VAKOLATLARI
янв.21
🏛 Tuman elektr tarmoqlari korxonasida murojaatlar ijrosi o‘rganildi
янв.21
📌 Sessiyalar – ochiqlik va hamkorlik maydoni
янв.21
🏛 Normativ-huquqiy hujjatlarning qonuniy kuchi yuzasidan tushuntirish
янв.21
❗️ Mahalliy Kengash deputatlari faoliyatining eng muhim 24 ta yo‘nalishi
янв.21
👮‍♂️ Novqa MFYda jinoyatchilikning oldini olish masalalari muhokama qilindi
янв.21
🏛 Deputat B.Mirzabekov sessiya kotibi axborotini o‘qib eshittirdi
Депутат_мәҳәлледе

✅ Шымбай районында хызмет көрсетиў тараўын раўажландырыў, заманагөй инфраструктураны жақсылаў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў бойынша кең көлемли жумыслар алып барылмақта.

Атап айтқанда, Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси баслығы О.Толыбеков район аймағында бой көтерип атырған заманагөй саўда комплексиндеги қурылыс-оңлаў жумысларының барысы менен жақыннан танысты.

♻️ Илаж даўамында депутат қурылыс объектлеринде әмелге асырылып атырған жумыслардың сапасы, белгиленген мүддетлерде пайдаланыўға тапсырылыўы ҳәм қурылысшылар ушын жаратылған шараятларға айрықша итибар қаратты. Сондай-ақ, жуўапкер қурылыс кәрханасы ўәкиллери ҳәм жумысшылар менен сәўбетлесип, объектти өз ўақтында ҳәм жоқары сапада питкериў бойынша тийисли усыныслар берди.

✍️ Бул заманагөй саўда комплекси пайдаланыўға тапсырылыўы нәтийжесинде аймақ турғынлары ушын қолайлы саўда ҳәм хызмет көрсетиў шараятлары жаратылып, аймақтың экономикалық потенциалын асырыўға ҳәм бир неше жаңа жумыс орынларының ашылыўына хызмет етеди.

Slide 1 of 3