Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Baxmal tumanida ijtimoiy-iqtisodiy rivojlanish masalalari muhokama qilindi
янв.21
Deputat mahallada
янв.21
Deputat va aholi muloqoti
янв.21
O‘zbekiston Respublikasi Prezidentining 2025-yil 29-avgustdagi PQ-264-son qarori va Oliy Majlisi Senati Kengashining 2025-yil 17-dekabrdagi KQ-280-V sonli qarori ijrosi
янв.21
Fuqarolar murojaatlari o‘rganildi
янв.21
Deputat maktab jamoasi bilan uchrashuv o‘tkazdi.
янв.21
Deputat maktab jamoasi bilan uchrashuv o‘tkazdi.
янв.21
Xalq deputatlari Baxmal tuman Kengashining o‘n to’rtinchi sessiyasi bo‘lib o‘tdi
янв.21
“Eng namunali mahalliy Kengash” tanlovini tashkil etish bo‘yicha Baxmal tumanida namunali seminari to'g'risida
янв.21
O‘zbekiston va AQSH o‘rtasida qator ikki tomonlama hujjatlar imzolandi
Депутат қайырқомлығы

Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги Өзбекстан ХДП депутатлық ағзасы Х.Абдижалиев райондағы бир қатар исбилерменлер менен биргеликте «Шахтемир» МПЖ аймағында жайласқан «Азиза» тойханасында қайырқомлық илажи өткерилди.

Илажда район ҳәкиминиң орынбасарлары А.Утемисов ҳәм Г.Мамбетниязовалар, Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси секретариаты баслығы М.Зарикеев ҳәм де район белсендилери қатнасты. 

Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 34 жыллық байрамы мүнәсибети менен район аймағындағы майыплылығы болған, жалғыз баслы ҳәм де ата-ана қарамағынан айырылған социаллық қорғаўға мүтәж болған пуқараларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың ҳал жағдайларынан хабар алыў мақсетинде “Инсан қәдири ушын” деген бас идеяны басшылыққа алып, 60 пуқараға дастурҳан жайылды ҳәм байрам бағдарламасы шөлкемлестирилди.

Илаж қатнасыўшылары өзлериниң ақ пәтияларын берип, бул абад ҳәм азат ўатанда жасап атырғанлығына шексиз миннетдаршылықларын билдирип, бир кеса шай үстинде пикир алмастылар.

Илаж қатнасыўшыларына районлық Мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен концерт бағдарламасы қойып берилип, оларға өзгеше заўық бағышлады.

Slide 1 of 9