Баслы ўазыйпалар белгилеп алынды
♻️ Өзбекстан ХДП Шымбай районлық кеңеси ҳәм Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги ӨзХДП депутатлық топарының қоспа мәжилиси болып өтти.
✅Мәжилисте Өзбекстан ХДП Шымбай районлық Кеңеси баслығы С.Нурмамбетов ҳәм Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги ӨзХДП депутатлық топары ағзалары қатнасты.
📌 Мәжилис күн тәртибинде Шымбай районы Ден саўлықты сақлаў ҳәм де районлық Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлимлери тәрепинен 2026-жылдың 6 айы даўамында әмелге асырылған жумысларыны ҳаққындағы мәлимлемелерин үйренип шығыў ҳәм усы мәселелерди Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң гезектеги сессиясына киргизиў бойынша қарар қабыл етилди.
🔹Сондай-ақ, партия шөлкемлери ҳәм депутатлар жумысларының рейтинг көрсеткишлерин жақсылаў мәселелери додаланды. Бунда депутатлар тәрепинен аймақтағы орын алған машқалаларды үйрениў ҳәм унамлы шешиўде депутатлық сораў институтынан нәтийжели пайдаланыўы, орынларда басланғыш партия шөлкемлеринде үгит-нәсият жумысларын алып барыў ҳәм ҒХҚда шығыўларды шөлкемлестириў бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.