Yangiliklar

ПАРТИЯ ТОПАРЛАРЫ ЖУМЫСЫНЫҢ НӘТИЙЖЕЛИЛИГИ АРТТЫРЫЛМАҚТА

Өзбекстан ХДП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен Шымбай районында жергиликли Кеңес секретариаты менен биргеликте әмелий илаж өткерди.

Илажды өткериўден тийкарғы мақсет - жергиликли Кеңеслердеги партия топарларының жумысын жаңа басқышқа алып шығыў ҳәм депутатлардың халық пенен пикирлесиўин және де жеделлестириў.

Ушырасыўда депутатлардың сайлаўшылар менен ислесиўи, мүрәжатларды нызамлы көрип шығыўы, депутатлық сораўдан өнимли пайдаланыўы ҳәм жумысын ҒХҚда сәўлелендириў сыяқлы әҳмийетли мәселелер додаланды.

Сондай-ақ, депутатлар ҳәм партия топарларына жумыс ҳүжжетлерин дурыс жүргизиў бойынша орынларда әмелий жәрдем көрсетилди.

Slide 1 of 4