Жаслар сиясаты — баслы дыққат-итибарда
♻️ Өзбекстан ХДП Шымбай районлық кеңеси басламасы менен «Қостерек» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 35-санлы улыўма билим бериў мектебинде «Депутат ҳәм жаслар» атамасында ушырасыў шөлкемлестирилди.
📌 Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги Өзбекстан ХДП депутатлық топары ағзасы, Өзбекстан ХДП Шымбай районлық кеңеси баслығы С.Нурмамбетов, «Қостерек АПЖ» басланғыш партия шөлкеми ағзалары ҳәм жаслар қатнасты.
✅ Ушырасыў даўамында депутат Д. Ажимуратов тәрепинен бүгинги күнде мәмлекетимизде жасларға жаратылып атырған имканиятлар, жаңа қабыл етилип атырған нызам ҳүжжетлериниң мазмун-мәниси кең түрде түсиндирилди. Депутат өз сөзинде жаслардың билим алыўы, кәсип-өнер ийелеўи ҳәм исбилерменлик басламаларын қоллап-қуўатлаў партияның тийкарғы мақсетлериниң бири екенлигин атап өтти.
🔹Илажда бир қатар жаслар сөзге шығып пикир-усынысларын билдирип өтти ҳәм өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.