Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Saxovat — Insoniylikning Oliy Namunasi: Deputat Tashabbusi Amalda
янв.21
Andijon viloyati Kengashi raisi O'ktamjon Oxunov
янв.21
7-chaqiriq xalq deputatlari Baliqchi tumani Kengashining 3-sessiyasi bo'lib o'tdi.
янв.21
Сарновул маҳалласида тизимли ишлар амалга оширилмоқда.
янв.21
Баликчи тумани Кенгаши депутатлари томонидан Кияли махалла фукаролари йигинида ахоли хонадонларида ишсиз хотин-кизларни ипак курти парваришлаш мавсумий ишларига жалб этилиши урганилди.
янв.21
Baliqchi tumani mahalliy iqtisodiy islohotlarni amalga oshirish, investitsiyalar va tadbirkorlikni rivojlantirish masalalari bo‘yicha doimiy komissiyasi
янв.21
Baliqchi tumani taʼlim, sog‘liqni saqlash, madaniyat, sport va ijtimoiy himoya masalalari bo‘yicha doimiy komissiyasi
янв.21
Baliqchi tumani mahalliy iqtisodiy islohotlarni amalga oshirish, investitsiyalar va tadbirkorlikni rivojlantirish masalalari bo‘yicha doimiy komissiyasi
янв.21
Baliqchi tumani sanoat, transport, qurilish, kommunal soha va aholiga xizmat ko‘rsatish masalalari bo‘yicha doimiy komissiyasi
янв.21
Baliqchi tumani mahalliy iqtisodiy islohotlarni amalga oshirish, investitsiyalar va tadbirkorlikni rivojlantirish masalalari bo‘yicha doimiy komissiyasi
9 - май - Еслеў ҳәм қәдирлеў күни

9 - май - Еслеў ҳәм қәдирлеў күни

9-май - инсаният тарийхында көзлерге жас алып, қамсығып, Ўатанның ҳақыйқый мәрт, азамат перзентлерин жүрек толы миннетдаршылық-алғыслар менен еске алатуғын, шын мәнисиндеги жеңис не екенлигин сезинетуғын байрам!

Екинши жер жүзилик урыс дәўири жоғалтыўлары, халқымыз беккем сабыр-қанаатын, руўхый күш жигерин аямастан сынақтан өткерген апатшылық сыпатында арадан қанша жыллар өтседе инсаният ядынан өшпейди. 

Биз әўладлардың бүгинги парахатшылық ҳәрбир деми ушын, абадан турмыс ушын, еркин жасаў ығбал бахты ушын урыста ҳәм урыс зардабы жолында өзиниң жанын, күшин, муҳаббатын, меҳирин, жаслығын - өмир атлы бийбаҳа байлығын миннетсиз пидә еткен ата-бабаларымыз жарқын руўхы алдында, мийнетте тыным билмеген. Бүгинги күнде қариялық бахтын көрип жасап атырған мәрт ветеран ата-анаханларымыз алдында мудамы шексиз миннетдаршылық пенен бас ийемиз! Екинши жер жүзилик урыста, оның ақыбетлеринде барлық күш-жигерин, жанын пидә еткен ата-бабаларымызды жүрегимизде мәңги сақлаймыз.

Бүгин Шымбай районында 9-май - Еслеў ҳәм қәдирлеў күни ҳәм де Екинши жер жүзилик урыс жеңисиниң 79 жыллығы мүнәсибети менен «Көнши» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы «Дослық гүзары» бойында жайласқан жаңадан қурып питкерилген «Ҳәсиретли ана» естелигинде байрам илажы болып өтти. 

Илажға район ҳәкими А.Тажетдинов, сектор баслықлары, нураныйлер хәм де кең жәмийетшилик ӯәкиллери қатнасты. 

Дәслеп қатнасыӯшылар «Ҳәсиретли ана» естелигине гүл шеңберлер қойды, буннан соң Екинши дүнья жүзилик урыста қаза болғанлардың руӯхына аят оқылды. Сондай- ақ, урыста қаза тапқан ҳәм урысқа қатнасқан мәрт азаматларымыздың дизимлерин көзден өткерип, бүгинги парахатшылықтың, тынышлығымыз себепшилерин яд етти. 

Соны мағлыӯмат ушын айтып өтиӯимиз керек, бул жойбар район ҳәкими А.Тажетдиновтың тиккелей басшылығында шөлкемлестирилип, бул жерде урыс қатнасыӯшыларының дизими өшпес алтын ҳәриплер менен жазылған.Сондай-ақ, «Ҳәсиретли ана» естелиги орнатылып,әскерий техникалар алып келинди. Бул әскерий техникаларды көрген инсан, әсиресе жас аудадларымыз урыстың қәншели қыйын дәӯир екенин сезиниӯ ҳәм тыныш заманымызға , ашық аспанымызға шүкиршилик пенен қараӯ кереклигин қайта- қайта еслетеди.

Мәртлик, мийнетсүйиӯшилик, ўатансүйиўшилик, опадарлық ҳәм жеңис кейинги биз урпақларыңызға мәңги мийрас болып қалады.

Slide 1 of 16