Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Deputat mahallada
янв.21
Xalq deputatlari Amudaryo tuman Kengashining Mahalliy budjet, tadbirkorlikni rivojlantirish va iqtisodiy islohotlar masalalari bo‘yicha doimiy komissiyasining navbatdagi yig‘ilishi
янв.21
MUNOSABAT
янв.21
MUNOSABAT
янв.21
MUNOSABAT
янв.21
MUNOSABAT
янв.21
Ўзбекистон Экологик партиясининг туман Кенгаши томонидан йил давомида 20 дан ортиқ экорейдлар ўтказилди
янв.21
Xalq deputatlari Amudaryo tuman Kengashining Ijtimoiy soha, yoshlar siyosati, madaniyat va sport masalalari bo‘yicha doimiy komissiyasining navbatdagi yig‘ilishi
янв.21
Konstitutsiya — taraqqiyot mezoni, istiqlol poydevori.
янв.21
Sayyor qabul
Қоңырат ХДП: БАСЛЫ ЎАЗЫЙПАЛАР БЕЛГИЛЕП АЛЫНДЫ

Онда Өзбекстан ХДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығының орынбасары М.Есенгелдиев, партияның Қоңырат районлық кеңеси баслығы Б.Елмуратов ҳәм Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңесиндеги ӨзХДП депутатлық топары ағзалары қатнасты.

Мәжилис күн тәртибинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 15-августтағы "Көп квартиралы жайларды басқарыўды еледе нәтийжели шөлкемлестириў илажлары ҳаққында"ғы ПҚ-278-санлы қарарының Қоңырат районында орынланыўына бағышланған мәселе додаланды.

 Мәжилисте Қоңырат районында көп квартиралы турақ жайларды басқарыў системасы, басқарыў уйымлары менен мүлк ийелери арасындағы бирге ислесиў, халыққа сапалы хызмет көрсетилиўи бойынша алып барылып атырған жумысларды үйренип шығыў ҳәм усы мәселени Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңесиниң гезектеги сессиясына киргизиў бойынша қарар қабыл етилди. 

Сондай-ақ, партия шөлкемлери ҳәм депутатлар жумысларының рейтинг көрсеткишлерин жақсылаў мәселелери додаланды. Бунда депутатлар тәрепинен аймақтағы орын алған машқалаларды үйрениў ҳәм унамлы шешиўде депутатлық сораў институтынан нәтийжели пайдаланыўы, орынларда басланғыш партия шөлкемлеринде үгит-нәсият жумысларын алып барыў ҳәм ҒХҚда шығыўларды шөлкемлестириў бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.

Slide 1 of 4