Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
"Oila va TABIAT" gazetasining 2026-yil 19-fevraldagi 7-soni
янв.21
Xalq deputatlari Zomin tuman Kengashing Reglament va deputatlik odob-axloqiy masalalari bo‘yicha doimiy komissiyasi yig‘ilish bo‘lib o‘tdi
янв.21
Davlatimiz rahbarligidagi yoshlar bilan ochiq muloqoti
янв.21
PAYSHANBA — YOSHLAR KUNI DOIRASIDA OTALIQQA OLINGAN YOSHLAR BILAN UCHRASHUV O‘TKAZILDI
янв.21
“Deputatlar hamkorligi - hudud taraqqiyoti va aholi manfaatlari yo‘lida”
янв.21
Tuman Kengashi deputatlari mahallada
янв.21
Tuman Kengashi deputatlari mahallada
янв.21
Deputat soʻrovi
янв.21
Tibbiyot birlashmasida “Perinatal markaz” faoliyati deputatlar tomonidan o‘rganildi
янв.21
“Mahallani yuksaltirish yili”
❗️ ШЫМБАЙ РАЙОНЫ ХДП: "ДЕПУТАТ ҲӘМ ЖАСЛАР" УШЫРАСЫЎЫ

Өзбекстан ХДП Шымбай районлық кеңеси басламасы менен Қарақалпақ мәмлекетлик университети Шымбай факультетинде “Қатарымыздағы жаслар” жойбары шеңберинде "Депутат ҳәм жаслар" атамасында ушырасыў шөлкемлестирилди.

Ушырасыўда Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси баслығы О.Толыбеков, Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги ӨзХДП депутатлық топары ағзасы А.Утепбергенова, Өзбекстан ХДП Шымбай районлық кеңеси баслығы С.Нурмамбетов, партияның “Жаслар қанаты” ағзалары, факультеттиң профессор-оқытыўышлары ҳәм студент жаслары қатнасты.

Илажда дәслеп депутатлар тәрепинен Президентимиздиң Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған Мүрәжатында белгиленген тийкарғы ўазыйпалардың мазмун-мәниси ҳәм әҳмийети бойынша кеңнен түсиниклер берилди. Сондай-ақ, бүгинги елимизде алып барылып атырған кең көлемли реформалар, соның ишинде, жасларға жаратылып атырған мүмкиншиликлер, олардың өз басламаларын жүзеге шығарыўлары ушын жаратылған шараятлар ҳаққында, соның менен бирге, партияның бағдарламалық мақсет ҳәм ўазыйпаларын үгит-нәсият етиўде партия шөлкемлери ҳәм депутатлар тәрепинен алып барылып атырған жумыслар және партияның жаслар менен ислесиў бағдарында алып барылып атырған жумысларға тоқталып өтилди.

Ушырасыў даўамында бир қатар жаслар сөзге шығып жасларды қоллап-қуўатлаў, олардың мәплерин қорғаў бойынша өзлериниң пикир-усынысларын билдирип өтти ҳәм өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

Илаж соңында партия қатарына жаңадан қабыл етилген жасларға партия гуўалықлары тапсырылды.

Slide 1 of 9