Хожели районы 27-санлы улыўма билим бериў мектебинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты Д.Исакулов ҳәм Халық депутатлары Хожели районлық Кеңеси депутаты И.Кочкаровлар 2025-жыл 6 айы даўамында әмелге асырылған депутатлық жумыслары ҳаққында есабат берди.
Ушырасыўда депутат аймақларда енди ислениўи керек ўазыйпалар бойынша мәҳәлле басшылары, көше бийлери, аймақ белсендилери менен пикирлесип мәселелерди додалап билдирилген мүрәжәтлар бойынша тийисли мәкемелерге депутатлық сораўларын жибериў кереклигин белгилеп алды.
Сондай-ақ, депутатлар тәрепинен мәҳәлледеги пуқараларды қыйнап киятырған машқалалар, усыныс пикирлери тыңланып алып барылыўы керек ис-иләжлар белгилеп алынды.