Халық депутатлары Тахтакопир районлық Кеңеси 9-А.Дабилов сайлаў округи депутаты Нажиматдин Примбетов 2026-жыл 4-февраль сәнесинде "Дауир" мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы Нурлы жол көшеси пухаралары менен ушырасып сәубетлесиу өткерди. Пуқараларды қыйнап киятырған 23-хожалыктын газ жагыў мәселеси бойынша мурәжатын тыңлап тийисли мекемеге өз депутатлық сораўнамасын шығарып машқаланы унамлы шешиў мәсели көрип шықпақта.