Қараөзек районы А.Досназаров аӯыл пуқаралар жыйынында Халық депутатлары Қараөзек районлық
Кеңеси депутатлары, мәҳәлле жетилиги, бирге ислесиўши шөлкемлер ҳәм аймақта
жасаўшы пуқаралар қатнасында үгит-нәсият илажы болып өтти. Онда аймақтан
сайланған районлық Кеңес депутатлары 2024-жылдың биринши ярым жыллығында әмелге
асырылған жумыслары ҳәм районлық Кеңес депутатлары ҳәм “Мәҳәлле жетилиги”ниң өз-ара
бирге ислесиӯин шөлкемлестириӯ ҳәм нәтийжелилигин тәмийинлеӯ бағдарында әмелге
асырылыӯ тийис ӯазыйпалар ҳаққында тоқталып өтти. Бунан соң шығып сөйлеӯшилер
тәрепинен жаңадан қабыл етилген нызам ҳәм қарарлардың мәнис мазмуны, той ҳәм
мерекелерди ықшамластырыў, мәҳәлледеги ажырымлардың алдын алыў, үй алды қыйтақ
жерлери, көше әтирапларды абаданластырыў бойынша үгит-нәсият жумысларын алып
барды. Бунан соң аймақ турғынларының пикир ҳәм усыныслар тыңланылып депутатлық
қадағалаӯға алынды.