Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
”QO‘SHCHINOR”MAHALLASIDA KUZ-QISH MAVSUMIGA TAYYORGARLIK HOLATI O‘RGANILD
янв.21
KO‘CHALAR VA ICHKI XO‘JALIK YO‘LLARI INFRASTRUKTURASI TAKOMILLASHTIRILADI
янв.21
”MATONAT”MAHALLASIDA PIYODALAR UCHUN QULAY SHAROIT YARATISH BO‘YICHA ISHLAR DAVOM ETMOQDA
янв.21
#qonunchilikdan_yangiliklar
янв.21
QISH MAVSUMIGA TAYYORGARLIK – DEPUTATLIK NAZORATIDA
янв.21
“QULOLQO’RG’ON”MAHALLASIDA HOKIM YORDAMCHISI FAOLIYATI O‘RGANILDI
янв.21
SAYLOV OKRUGIDA AHOLI BILAN UCHRASHUV O‘TKAZILDI
янв.21
“ADOLAT” MAHALLASIDA “MAHALLA YETTILIGI” ISH FAOLIYATI O‘RGANILDI
янв.21
“AKBAROBOD” MAHALLASIDA YOSHLAR MASALALARI O‘RGANILDI
янв.21
TIBBIYOT SOHASIDAGI ISHLAR MUHOKAMA QILINDI
#Мүнәсибет


Бүгин Нөкис қаласында болып өткен «Дузды қайта ислеў бойынша халықаралық инвестиция форумы» ашылыў илажы биз ушын айрықша әҳмийетке ийе болды.
Форумда Қарақалпақстанның инвестициялық потенциалы, минераллық-шийки затлар қоры, инфраструктуралық имканиятлары ҳәм инвесторлар ушын жаратылған шараятлар ҳаққында кең мағлыўматлар берилди.
Айрықша «Барсакелмес» дуз кәниниң үлкен имканиятларының халықаралық инвесторларға таныстырылыўын маңызды қәдәм деп билемен. Себеби бундай илажлар аймағымыздың табиғый байлықларын заманагөй технологиялар тийкарында қайта ислеў, жаңа жойбарларды әмелге асырыў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў ушын кең имканиятлар ашады.
Бүгин форумға 20 ға жақын мәмлекеттен 100 ден артық инвестордың қатнасыўы Қарақалпақстанға болған қызығыўшылықтың жылдан-жылға артып баратырғанынан дерек береди.
🤝 Әсиресе, B2B форматындағы ушырасыўларда инвесторлар менен тиккелей пикир алмасыў, перспективалы жойбарлар ҳаққында сөйлесиў ҳәм келешекте өз-ара ислесиў имканиятларын талқылаў үлкен әҳмийетке ийе.
Бүндай халықаралық илажлар Қарақалпақстанның инвестициялық имканиятларын жаңа басқышқа көтериўине хызмет етеди деп ойлайман.
Халық депутатлары Шоманай районлық Кеңеси депутаты М.Есенгелдиев