Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
”QO‘SHCHINOR”MAHALLASIDA KUZ-QISH MAVSUMIGA TAYYORGARLIK HOLATI O‘RGANILD
янв.21
KO‘CHALAR VA ICHKI XO‘JALIK YO‘LLARI INFRASTRUKTURASI TAKOMILLASHTIRILADI
янв.21
”MATONAT”MAHALLASIDA PIYODALAR UCHUN QULAY SHAROIT YARATISH BO‘YICHA ISHLAR DAVOM ETMOQDA
янв.21
#qonunchilikdan_yangiliklar
янв.21
QISH MAVSUMIGA TAYYORGARLIK – DEPUTATLIK NAZORATIDA
янв.21
“QULOLQO’RG’ON”MAHALLASIDA HOKIM YORDAMCHISI FAOLIYATI O‘RGANILDI
янв.21
SAYLOV OKRUGIDA AHOLI BILAN UCHRASHUV O‘TKAZILDI
янв.21
“ADOLAT” MAHALLASIDA “MAHALLA YETTILIGI” ISH FAOLIYATI O‘RGANILDI
янв.21
“AKBAROBOD” MAHALLASIDA YOSHLAR MASALALARI O‘RGANILDI
янв.21
TIBBIYOT SOHASIDAGI ISHLAR MUHOKAMA QILINDI
Мүнәсибет

Кәмбағаллықты қысқартыў - инсан қәдири ҳәм абаданлығы жолындағы әҳмийетли қәдем

Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың дәраматларын арттырыў бүгинги күнде елимизде әмелге асырылып атырған реформалардың ең әҳмийетли бағдарларынан бири болып есапланады. Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында өткерилген видеоселектор мәжилисинде бул тараўдағы жумысларды жаңа басқышқа алып шығыў бойынша әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилгени бул бағдардағы ҳәрекетлерди және де күшейтиў зәрүрлигин көрсетеди.

Итибарлы тәрепи сонда, кәмбағаллықты қысқартыў енди тек ғана материаллық жәрдем көрсетиў менен шекленип қалмастан, халықты кәсип-өнерге оқытыў, исбилерменликке тартыў, мүнәсип жумыс орынларын жаратыў ҳәм турақлы дәрамат дәрегин қәлиплестириўге қаратылмақта. Бул болса адамлардың өз имканиятларына сүйенип, шаңарақтың абаданлығын арттырыў ушын кең имканият жаратады.Әсиресе, ҳәр бир шаңарақ пенен мәнзилли ислесиў, аймақлардың өзине тән имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў үлкен әҳмийетке ийе.
Кәмбағаллықты қысқартыўдың ең нәтийжели жолы - инсанға таяр жәрдем бериў емес, ал оның мийнети ҳәм потенциалы арқалы турақлы дәрамат табыўына шараят жаратыў болып есапланады.

Бүгинги жаңаша қатнаслар халықтың абаданлығын арттырыў менен бирге, жәмийетте социаллық турақлылықты беккемлеўге де хызмет етеди. Белгиленген ўазыйпалардың орынларда избе-из ҳәм нәтийжели әмелге асырылыўы ҳәр бир шаңарақтың турмысында унамлы өзгерислердиң пайда болыўына тийкар жаратады.

Айтгул Жолымбетова,
Халық депутатлары Мойнақ районлық Кеңеси депутаты, ӨзХДП депутатлық топары ағзасы