Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Туман кенгаши сессиясида МАСЪУЛЛАР ҲИСОБОТ БЕРИШДИ
янв.21
ТУМАН КЕНГАШИ СЕССИЯСИ
янв.21
ДЕПУТАТЛИК ЭШИТУВИ
янв.20
Халқ депутатлари Ёзёвон туман Кенгашининг "Таълим, соғлиқни сақлаш, маданият, спорт ва ижтимоий ҳимоя масалалари бўйича" доимий комиссия аъзолари ҳамда туман Кенгаши депутатлари иштирокида тумандаги 1-2-умумтаълим мактабларида ўрганиш (мониторинг) ишлари олиб борилиши жараёнидан .
Районда гезектеги сессия өткерилди.

Сессия күн тәртибинде, Қараөзек районында мәмлекетлик бағдарламалар бойынша 2024-жылдың 6 айы даўамында социаллық ҳәм инфраструктура обьектлеринде әмелге асырылған қурылыс-абаданластырыў жумыслары ҳаққында район ҳәкими орынбасары Г. Аметов, Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ Ⱪараөзек районындағы Халық қабыллаўханасы баслығы А. Утеповтыӊ "Мәҳәллелерде исбилерменликти раўажландырыў, халық бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бойынша келип түсип атырған мүрәжатларының орынланыўы ҳәм ҳәким жәрдемшилери жумысларының үйрениў нәтийжелери бойынша мәлимлемелер берди. 

Буннан соң, Қараөзек районы Ишки ислер бөлими баслығы орынбасары, жәмийет қәўипсизлиги хызмети баслығы М. Алиевтиӊ жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў бағдарында алып барылған жумыслар ҳаққында есабаты тыңланды. 

Сондай-ақ, Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеӊеси сессиясы күн тәртибине турақлы комиссиялар усыныслары бойынша киритилген барлық мәселелер толығы менен көрип шығылып, тийисли шешимлер қабыл етилди ҳәм алдағы режелер белгилеп алынды. 

Соныӊ менен гезектеги сессия өз жумысын жуўмақлады.

Slide 1 of 1