Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Туман кенгаши сессиясида МАСЪУЛЛАР ҲИСОБОТ БЕРИШДИ
янв.21
ТУМАН КЕНГАШИ СЕССИЯСИ
янв.21
ДЕПУТАТЛИК ЭШИТУВИ
янв.20
Халқ депутатлари Ёзёвон туман Кенгашининг "Таълим, соғлиқни сақлаш, маданият, спорт ва ижтимоий ҳимоя масалалари бўйича" доимий комиссия аъзолари ҳамда туман Кенгаши депутатлари иштирокида тумандаги 1-2-умумтаълим мактабларида ўрганиш (мониторинг) ишлари олиб борилиши жараёнидан .
Шымбай районы аймағында жайласқан Жаслар орайында 30-июнь жаслар күни мүнәсибети менен ушырасыў өткерилди.

Шымбай районы аймағында жайласқан Жаслар орайында 30-июнь жаслар күни мүнәсибети менен ушырасыў өткерилди.

2024-жыл елимизде «Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы» мүнасибети менен 30-июнь «Жаслар күни»н кең түрде белгилеў ҳәм де жаслардың идея ҳәм басламаларын жәнеде қоллап-қуўатлаў мақсетинде июнь айы мәмлекетимизде «Жаслар айлығы» деп белгиленген.

Жаслар айлығы мүнасебети менен бүгин Шымбай районы Жаслар орайында Айрықша жағдайлар министрлиги қурамындағы мүддетли әскерий хызметкерлери ҳәм де район жаслары менен ушырасыў болып өтти. 

Ушырасыўда Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси депутаты Г.Мамбетниязова, Өзбекстан ХДП Шымбай районлық Кеңеси баслығы С.Нурмамбетов ҳәм де Жаслар ислери агентлиги районлық бөлими баслығы Ж.Жолдасбаевлар қатнасты. 

Ушырасыў даўамында жасларға президентимиз тәрепинен жасларға жаратып берилип атырған имканиятлар ҳаққында кеңнен түсиниклер берилди. 

Ушырасыў соңында, бир қатар жаслар партия қурамына қабыл етилип, ҳүрмет жарлығы ҳәм қымбат бақалы саўғалар менен сыйлықланды.

Slide 1 of 7