Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Туман кенгаши сессиясида МАСЪУЛЛАР ҲИСОБОТ БЕРИШДИ
янв.21
ТУМАН КЕНГАШИ СЕССИЯСИ
янв.21
ДЕПУТАТЛИК ЭШИТУВИ
янв.20
Халқ депутатлари Ёзёвон туман Кенгашининг "Таълим, соғлиқни сақлаш, маданият, спорт ва ижтимоий ҳимоя масалалари бўйича" доимий комиссия аъзолари ҳамда туман Кенгаши депутатлари иштирокида тумандаги 1-2-умумтаълим мактабларида ўрганиш (мониторинг) ишлари олиб борилиши жараёнидан .
ТУРАҚЛЫ КОМИССИЯ МӘЖИЛИСИ БОЛЫП ӨТТИ.

 ТУРАҚЛЫ КОМИССИЯ МӘЖИЛИСИ БОЛЫП ӨТТИ. 

  

Белгиленген
ис-реже тийкарында Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Жергиликли бюджет, экономикалық реформаларды әмелге
асырыў, инвестициялар ҳәм исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша
турақлы комиссиясының мәжилиси болып өтти. 

Мәжилис күн
тәртибинде:
 

- 2023-жылда Кегейли районын социаллық-экономикалық раўажландырыў, халықтың дәраматларын асырыў ҳәм исбилерменликти
раўажландырыў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажларының
“Жол карта”сын тастыйықлаў ҳаққында. 

- Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың 2022-жыл

23-24-февраль күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында берилген
тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша 2022 жыл
25-февраль күни өткерилген
16-санлы мәжилис баянламасында белгиленген ўазыйпалардың орынланыў барысы
ҳаққында.
 

- Кегейли районын аймағында жаңа жумыс
орынларын жаратыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша
2023-жыл прогноз көрсеткишлерин тастыйықлаў
ҳаққында.
 

  

Мәжилис күн
тәртибиндеги мәселелер ҳәр тәреплеме талқыланып Халық депутатлары Кегейли
районлық Кеӊесиниӊ гезектеги сессиясына усыныў ҳаққында шешим қабыл етилди.
  

Slide 1 of 4