Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Deputat so'rovi asosida "ko‘p qavatli uylar hamda yangi tushgan hovlili uylar orqa tomonidan o'tgan yer osti dranajidan oqova suv (kanalizasiya) tamirlandi.
янв.21
Chiqindilarni o‘z vaqtida olib chiqish holati o'rganildi.
янв.21
Deputat so'rovi asosida "Yotoqxonaning hojatxonasi va bolalari uchun o‘yingohi tamirlandi.
янв.21
Yuksalish mahallasi hokim yordamchisi tomonidan amalga oshirilayotgan ishlar o‘rganildi.
янв.21
Maxalliy Kengashi deputati faoliyatining eng muhim yo‘nalishlari hamda mahalladagi muammolarni 24 ta tavsiyaviy so‘rovnoma asosida o‘rganish bo‘yicha Xalq deputatlari Yangiyer shahar Kengashi deputati Z.Jurayev davlat xizmatlari markazi va Fuqarolik holati dalolatnomalarini yozish bo'limida aholiga ko'rsatilayotgan davlat xizmatlari holati o'rganildi.
янв.21
Xalq deputatlari Yangiyer shahar Kengashi
янв.21
Yangiyer shahar deputati 13-Talabalar Abduxoliqov Islom Rayimqul o‘g‘li saylov okrugida aholi muammolari yuzasidan o'rganish o'tkazdi.
янв.21
Yangiyer shahar kengashi deputati Urumbayeva Muqaddas Yuldashbayevna Shodiyona
янв.21
Yangiyer shahar 1-umumta'lim maktabida Yangiyer shahar kengashi deputati S. Niyazova
янв.21
Deputat va maxalla faollari
МҮНӘСИБЕТ

Өзбекстан – Беларусь исбилермен ҳаял-қызларының үшинши
бизнес-форумы шеңберинде “Өзбекстан – Беларусь: билимлендириў, илим ҳәм
денсаўлықты сақлаў тараўларында еки тәреплеме бирге ислесиў
перспективалары” темасында секция шөлкемлестирилди.

Онда өз-ара бирге ислесиў, технологиялық раўажланыўда илимниң орны,
фармацевтика санаатының перспективалары, аналар ҳәм балалар саламатлығы,
сондай-ақ, медицина тараўы ушын кадрлар таярлаў мәселелери дыққат
орайында болды.

Билимлендириў бағдарламаларының интеграциясы ҳәм тәжирийбе алмасыў,
улыўма билимлер мәканын қәлиплестириў, ҳаял-қызлардың илимдеги орны,
халықаралық жойбарлардағы қатнасын кеңейтиў зәрүрлигине итибар
қаратылды.

Университетлер ҳәм профессионал шөлкемлер арасында бирге ислесиў
ҳаққындағы келисимлерге қол қойылды. Атап айтқанда, Өзбекстан Миллий
университети ҳәм Витебск мәмлекетлик университети арасында
илимий-инновациялық бирге ислесиў ҳаққында келисимге ерисилди. Әндижан
мәмлекетлик университети ҳәм Гродно мәмлекетлик университети, Ферғана
техника университети ҳәм Гомел техника университети, Бухара техника
университети ҳәм Беларусь азық-аўқат ҳәм химия технологиялары
университети, Термиз инженерлик ҳәм агротехнологиялар университети ҳәм
Витебск технология университети арасында да келисимлерге қол қойылды.

Өзбекстан Журналистлер аўқамы ҳәм Беларусь Журналистлер аўқамы
арасында профессионал бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге қол қойылды.

Бизнес-форум шеңберинде өткерилген “Өзбекстан – Беларус: агросанаат
тараўында бирге ислесиўди раўажландырыўда экспертлик көзқарас”
атамасындағы 5-секцияда агросанаат тараўында өз-ара бирге ислесиў
перспективалары додаланды.
Өзбекстанда аўыл хожалығын раўажландырыў, азық-аўқат қәўипсизлигин
тәмийинлеў, фермер хожалықлары ҳәм аграр кластерлердиң жумысын заманагөй
технологиялар тийкарында шөлкемлестириўге үлкен итибар қаратылмақта.

Беларустың агросанаат тараўында жоқары технологиялар, механизация ҳәм
кадрлар таярлаўдағы тәжирийбеси әмелий әҳмийетке ийе екени атап өтилди.

2024-жылдың жуўмақлары бойынша Өзбекстан ҳәм Беларусь арасында
агросанаат ҳәм азық-аўқат өнимлери бойынша саўда айланысы 234,2 миллион,
2025-жылдың январь-май айларында болса бул көрсеткиш 122,7 миллион
долларды қураған.

Мәжилис жуўмағында Өзбекстан Қубла дийқаншылық илимий-изертлеў
институты ҳәм Беларусь Миллий илимлер академиясының В.Купревич атындағы
Экспериментал ботаника институты ҳәм Өзбекстан суўғарылмайтуғын
дийқаншылық илимий-изертлеў институты ҳәм Беларусь Миллий илимлер
академиясының “Зығыр институты” Республикалық илимий тармақ унитар
кәрханасы арасында бирге ислесиў меморандумына қол қойылды.

Бизнес-форум шеңбериндеги 6-секция демократия, ҳуқық үстинлиги ҳәм турақлы раўажланыўда жаслардың қатнасыўына бағышланды

Өзбекстанда жаслардың сиясий процесслердеги белсендилигин арттырыў
мақсетинде Жаслар парламентиниң жумысы жолға қойылғаны атап өтилди.
Ҳаял-қызлардың IT ҳәм жасалма интеллект тараўларындағы жетекшилигин
қоллап-қуўатлаў, олардың стартап басламаларын хошаметлеўге қаратылған
бағдарламалар әмелге асырылып атырғаны ҳаққында пикир жүргизилди. Бул
бағдардағы мәмлекетимиз тәжирийбеси айрықша атап өтилди.
Қатнасыўшылардың итибарына Өзбекстан алға қойған “жасыл дипломатия”
басламасы усынылды. Бул баслама жаслардың экологиялық санасын арттырыў,
қоршаған орталықты қорғаў ҳәм Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўге
үлес қосып атырғаны атап өтилди.

Жаслар сиясаты тараўындағы бирге ислесиў перспективалары додаланды.
Атап айтқанда, жаслар алмасыўы бағдарламалары, биргеликтеги жойбарлар
ҳәм сөйлесиў майданын кеңейтиў мәселелери әҳмийетли бағдарлар сыпатында
белгиленди.

 Форум шеңберинде Өзбекстан ҳәм Беларусь аймақларының турақлы
раўажланыўын тәмийинлеўде жергиликли өзин-өзи басқарыўдың орны ҳәм
әҳмийетине бағышланған секцияда еки мәмлекет арасындағы дослық
байланысларын беккемлеўге итибар қаратылды.
Тек ғана парламентлер емес, ал ҳәкимияттың аймақлық ўәкилликли
уйымлары арасында да бирге ислесиўди раўажландырыў зәрүр екенлиги атап
өтилди. Аймақларды раўажландырыўдың нәтийжели қуралы сыпатында
депутатлық қадағалаў, халық депутатлары кеңеслериниң жумысында
жәмийетшиликтиң белсене қатнасыўы, Минск ҳәм Ташкент қалалары арасындағы
дослық байланысларын раўажландырыў, сондай-ақ, еки пайтахт арасындағы
бирге ислесиўди кеңейтиў перспективалары дыққат орайында болды.

Мәжилис жуўмағында Өзбекстан Сенатының жергиликли мәмлекетлик
ҳәкимият ўәкилликли уйымларының жумысын күшейтиўге көмеклесиўши
комиссиясы ҳәм Беларусь Миллий мәжилиси Республика Кеңесиниң Регионаллық
сиясат ҳәм жергиликли өзин-өзи басқарыў бойынша турақлы комиссиясы
арасында бирге ислесиў ҳаққында меморандумға, Термиз қаласы ҳәм Полос
районы арасында дослық қатнасықларын орнатыў ҳаққында келисимге қол
қойылды.

Келисимлер, қол қойылған келисимлер ҳәм меморандумлар өз-ара бирге
ислесиўди беккемлеў, тәжирийбе алмасыў, нәтийжеде еки мәмлекеттиң
раўажланыўына хызмет етеди.