Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы "Өзбекстан - 2030" стратегиясы ҳаққында

Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесинен 20-санлы “Абадан” сайлаў округинен депутат Р.Қурбанбаев сайлаўшылары менен ушырасыўы болып өтти.

Ушырасыўда аймақ депутатының өткен 2025-жыл даўамында ислеген жумысларының есабаты тыңланды.

     Соның менен бирге, ушырасыў қатнасыўшыларына “Өзбекстан-2030” стратегиясында белгилеп берилген тийкарғы ўазыйпалар ҳаққында тоқталып өтти. Сондай-ақ ушырасыў қатнасыўшыларына ҳәзирги ўақытта https://uzbekistan2030.uz порталына өзлериниң пикир ҳәм усыныслары менен белсене қатнасыўына шақырды.

Ушырасыў даўамында пуқаралар тәрепинен аймақтағы машқалалы мәселелер бойынша мүражатлар билдирилди. Депутат бул мәселелер тийисли тәртипте үйренип шығып, тийисли орынларға депутатлық сораўы менен мүрәжат етилетуғынлығын мәлим етти.

Slide 1 of 5