Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Yangibozor tumani: Oltinko‘l mahallalarida yoshlar bandligi e’tiborda
янв.21
DEPUTAT SO'ROVI VA NATIJA:
янв.21
QONUNLAR IJROSI DEPUTATLAR DIQQAT MARKAZIDA
янв.21
MAHALLA XOTIN -QIZLAR FAOLIYATI DEPUTATLAR NAZORATIDA
янв.21
Спорт масканлари эътибор марказида
янв.21
Туман Кенгашининг навбатдаги сессияси
янв.21
Aholi bilan uchrashuv
янв.21
Xalq deputatlari tuman Kengashi deputatlari ishtirokida matbuot anjumani o'tkazildi.
янв.21
Xalq deputatlari Yangibozor tuman Kengashi deputati Dilbar Ortiqova "Farovonlik sari" ko'rsatuvida O‘zbekiston 24 telekanaliga intervyu berdi.
янв.21
Yangibozor tumani Axborot-kutubxona markazida “Ilm va ayol: Barqaror jamiyat sari” shiori ostida ma’naviy-ma’rifiy tadbir bo‘lib o‘tdi.
ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ ОН АЛТЫНШЫ СЕССИЯСЫ БОЛЫП ӨТТИ

 Сессияға районлық Кеңес
депутатлары, ҳәким орынбасарлары, мәкеме, кархана басшылары ҳәм ғалаба хабар
қураллары ўәкиллери қатнасты.
 

Сессияны Халық депутатлары районлық
Кеңеси баслығы Б.Матеков ашты ҳәм басқарып барды.
 

Сессияда дәслеп Кегейли районында
"Аўыр мәҳәлле" сыпатында таңлап алынған мәҳәллелерде әмелге
асырылатуғын жумыслар ҳаққында ҳәмде Кегейли районы бойынша 2026-жыл ушын
товарлардың айырым түрлери менен усақлап сатыў ҳуқықы ушын жыйымлардың
шекленген ставкаларына арттырылатуғын коеффициентлерди қолланыў ҳаққындағы
мәселелер қарап шығылды.
 

Буннан соң Халық депутатлары Кегейли
районлық Кеңесиндеги Өзбекстан Халқ демократиялық партиясы депутатлық топарының
усынысына бола Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 4-октябрьдеги
ПҚ-347-санлы "Камбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик тараўында мәмлекетлик
сиясатты жетилистириў ҳәм нәтийжелиликти арттырыў илажлары ҳаққында"ғы
қарарының орынланыўы бойынша Кегейли районы кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм
бәнтликке көмеклесиў бөлими тәрепинен әмелге асырылған жумыслар тыңланды.
 

Сондай-ақ Кегейли районы санитария
эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлими баслығының жуғымлы
кеселликлерге қарсы гүресиў нәтийжелилигин асырыў, халық арасында саламат
турмыс тәризин кең үгит-нәсиятлаў бойынша алып барылып атырған жумыслары
бойынша есабаты бойынша Кегейли
районы санитария эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлими
баслығы орынбасары А.Турениязовтың есабаты тыңланды.
  

Сессия барысында Кеңес ўәкиллигине киретуғын басқада мәселелер қарап
шығылып, тийисли шешимлер қабыл етилди.
 

   

Slide 1 of 9