Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
MUNOSABAT: Deputat Ernazarova Muqaddas Azadovna
янв.21
Xalq deputatlari Yangiariq tumani kengashining 22-sessiyasi bo‘lib o‘tdi
янв.21
# Korrupsiyaga qarshi kurashish va xavfsizlik masalalari bo‘yicha doimiy komissiya yig'ilishi
янв.21
Xalq deputatlari Yangiariq tumani kengashining 21-sessiyasi bo‘lib o‘tdi.
янв.21
Yangiariq tumanida Xalq deputatlar kengashini doimiy komissiyalari yig‘ilishi bo‘lib o‘tdi
янв.21
Xalq deputatlari Yangiariq tumani kengashining 20-sessiyasi
янв.21
Xalq deputatlari Yangiariq tumani kengashining 19-sessiyasi
янв.21
Tuman Kengashimiz Viloyat miqyosida e’tirof etildi.
янв.21
Agrar, suv xo‘jaligi va ekologiya masalalari bo‘yicha hamda Ijtimoiy soha, yoshlar siyosati, madaniyat va sport masalalari bo‘yicha doimiy komissiyalarining qo‘shma yig‘ilishi
янв.21
Deputat maktabgacha ta’lim muassasalarining kuz-qish mavsumiga tayyorgarligini o‘rgandi
Жаңа Өзбекстан ҳәм БМШ бирге ислесиўи: көп тәреплеме дипломатия тарийхында жаңа горизонтлар

Быйыл Өзбекстанның БМШға ағзалығына 33 жыл толды. Соның менен бирге, шөлкемге тийкар салынғанына 80 жыл болды. Екинши жер жүзилик урыс апатшылықларынан кейин, инсаният бундай қырғынлар қайталанбаўы ушын БМШны дүзди ҳәм бүгинги күнде 193 мәмлекетти бирлестирген шөлкем глобаллық аўызбиршиликтиң символына айланған.

Соңғы жылларда Өзбекстан сыртқы сиясатының тийкарғы бағдарларынан бири – БМШ пенен бирге ислесиўди беккемлеў болды. Бул бирге ислесиў, әсиресе, турақлы раўажланыў тараўындағы миллий мақсетлерди әмелге асырыўда айрықша әҳмийетке ийе болмақта.

Президент Шавкат Мирзиёев БМШ Бас Ассамблеясының 80-сессиясындағы шығып сөйлеген сөзинде: “Дүньяда халықаралық институтлардың роли төменлемекте, келиспеўшиликлер ҳәм урыслар күшеймекте, социаллық теңсизлик артып бармақта. Биз демократиялық, ҳуқықый ҳәм дүньялық Жаңа Өзбекстанды қурыў сиясатын алып бармақтамыз. Жаңа Өзбекстан барлық мәмлекетлер менен ашықтан-ашық сөйлесиў ҳәм аўызбиршилик тәрепдары болып есапланады,” – деп атап өтти. Бул пикир мәмлекеттиң сыртқы сиясий позициясын айқын көрсетти.

Өзбекстан бүгин БМШтың ең белсенди ағзаларынан бирине айланған. Мәмлекет БМШтың 200 ден аслам жойбарында қатнаспақта.

2021-2023-жылларда Өзбекстан биринши мәрте БМШтың Инсан ҳуқықлары бойынша кеңесиниң ағзасы болды. Сондай-ақ, ЮНЕСКО, ЭКОСОС, ХМТ ҳәм басқа да абырайлы структураларға да мәмлекетимиз ағзалыққа сайланды.

Өзбекстанның басламалары халықаралық көлемде де жоқары баҳаланбақта. Республика басламасы менен БМШ Бас Ассамблеясы 13 әҳмийетли резолюцияны қабыл етти. Олардың арасында “Орайлық Азияда тынышлық ҳәм турақлылықты беккемлеў,” “Ағартыўшылық ҳәм диний кеңпейиллик,” “Аралбойы регионын экологиялық инновациялар зонасы деп жәриялаў” сыяқлы ҳүжжетлер айрықша әҳмийетке ийе. 

Мырзатаев Махмут Жиенбаевич

 "10-санлы Пахта пункт” сайлаў округинен

 Халық депутатлары Кегейли районлық

 Кеңеси депутаты